«Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» Telegram каналында хабар берилди.
Пәрманға бола, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында мәмлекет раўажланыўының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
– мәҳәллелердиң экологиялық келбетин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў;
-халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў;
-тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў;
-өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў;
-«жасыл экономика» принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климат өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў;
-республика энергобалансында қайта тиклениўши энергияның үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири «жасыл энергия» станцияларын қурыў, аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын кеңейтиў, халықтың шаңарақларында қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеў,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги