Ғалаба хабар қуралларының мүрәжатларына бола төмендегилерди мәлим етемиз:

қосымша үйрениўлерден соң, республикамыздың барлық аймақларындағы автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшалары алдын ала ўәлаят ҳәкимликлери менен келисилген тәртипте, ҳәзирги режимде ислеўди даўам еттиретуғыны белгиленди. Яғный, олардың жумысы аймақлардағы талап және газ трубаларының басымынан келип шыққан ҳалда жолға қойылады.

Сонлықтан алдыңғы берилген мағлыўмат қайта редакцияланды. Бул мәселеде қандайда бир өзгерис болса, жәмийетшиликке қосымша мағлыўмат бериледи.

Барлық ғалаба хабар қураллары және блогерлерге бирге ислескени ушын миннетдаршылық билдиремиз, делинеди энергетика министрлиги берген хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги