Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында ҳәм Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын булжытпай шөлкемлестириў, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат өзгериўи ҳаққында рамкалы конвенциясының Киото протоколы ҳәм Париж келисими шеңберинде елимиздиң глобал жәмийетшилик алдында турған миннетлемелерин орынлаўда тармақлар менен тараўлардың үйлесикли «жасыл трансформация»сын әмелге асырыў, олардың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм ресурс үнемлилигин тәмийинлеў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оған бейимлесиў және халықтың жасаў сапасын жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўдиң жаңа «жасыл раўажланыў» моделине өтиў мақсетинде:
- «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында елимиз раўажланыўының баслы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
мәҳәллелердиң экологиялық келбетин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў;
халықтың денсаўлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шыгарыў ушын шараятларды жаратыў;
тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў;
өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў ҳәм биологиялық ҳәртүрлиликти сақлаў;
«жасыл экономика» принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климат өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў;
республика энергобалансында қайта тикленетуғын энергияның үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири «жасыл энергия» станцияларын қурыў, аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын кеңейтиў, үйлерге қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеў;
экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда заманагөй энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў арқалы экономикада «углерод изи»н азайтыў;
экологиялық турақлылыққа қаратылған аймақлар ҳәм тармақлараралық муўапықластырыўды тәмийинлеў.
Тийкарғы қатнаслар ресурслардан үнемлилик пенен пайдаланыўды нәзерде тутатуғын экономикалык раўажланыў моделине өтиў арқалы 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимниң жыллық өсимин кеминде 6 процентке ҳәм көлемин 200 миллиард АҚШ долларына жеткериў, инфляцияны 5 процентке, бюджет дефицитин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент дәрежесинде сақлаў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў мақсетлерине ерисиўге тийкар болатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2025-жылы «жасыл экономика» принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы декарбонизациялаў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оған бейимлесиўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў бағдарында:
Париж келисиминиң талапларынан келип шығып, Өзбекстанның углерод нейтраллығына ерисиўдиң узақ мүддетли стратегиясы ислеп шығылыўы;
климат өзгериўине бейимлесиў, «жасыл технология»лар трансфертин есапқа алған ҳалда глобаллық көлемде елимиздиң келеси 5 жылда ыссыхана газлерин қысқартыў бойынша Миллий көлемде белгиленген үлеси (NDC) жәрияланыўы;
метан эмиссиясын қысқартыў миннетлемеси шеңберинде тәбийғый газ, шығындылар ҳәм шарўашылық тараўларында метан эмиссиясының базалық жағдайы анықланыўы;
улыўма қуўатлылығы 4,5 ГВт болған ири қуяш ҳәм самал электр станциясын иске түсириў, қуўатлылығы 785 мегаватт болған қуяш панеллерин орнатыў, қуўатлылығы 225 мегаватт болған гидроэлектрстанцияларын қурыў арқалы жәми қайта тикленетуғын энергия дереклериниң үлеси электр энергиясын ислеп шығыўда 26 процентке ҳәм жәми генерация қуўатлықлары қурамындағы үлеси 40 процентке жеткерилиўи;
жаңа қурылатуғын имаратлар ҳәм жайлардың энергия нәтийжелилигинен келип шығып, «Жасы имарат» сертификаты енгизилиўи тәмийинленсин.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип тийисли түрде Бас министрдиң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Ж.Қўчқоров ҳәм экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдухакимов белгиленсин.
- Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамахмудов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте:
2025-жылы қуяш панеллери ҳәм гелиоколлекторларды район ҳәм қалалар кесиминде орнатыў бағдарламасын;
2025-2026-жылларда республика аймақларында микро гидроэлектр станцияларын қурыў бағдарламасын Министрелр Кабинетине киргизсин.
- «Үнемлилик ҳәм турақлылық» принципи тийкарында мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды трансформациялаў ҳәм өндирис қәрежетлерин 15-20 процентке қысқартыў мақсетинде 2025-жылдың жуўмағына шекем:
ири стратегиялық кәрханалар тәрепинен экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў (ESG) принциплери тийкарында корпоратив бағдарламалар ислеп шығылып, кеминде 5 ири санаат кәрханасында ESG миллий есабаты жолға қойылыўы ҳәм жәмийетшиликке жәриялаў әмелияты енгизилиўи;
«Өзбекнефтгаз» АЖ, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ, «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ, «Uzbekistan Airports» АЖ, «Uzbekistan Airways» тәрепинен ESG рейтинги алыныўы;
Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында тәжирийбе-сынақ тәризинде экологиялық таза өнимлерди ислеп шығыўға қәнигелескен санаат зоналары шөлкемлестирилиўи тәмийинленсин.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип тийисли түрде Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқаров, Ж.Хождаев ҳәм экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдуҳакимов белгиленсин.
- 2025-жылы мәҳәллелердиң экологиялық келбетин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан турмыста жасаў орталығын қәлиплестириў бағдарында:
халыққа қурылып атырған пиядалар ҳәм өз алдына велосипед жоллары бойында тереклер ҳәм өсимликлерди егиў арқалы «Саялы сейил көшелери» тармағы жаратылыўы, жағалаўларға ҳәм дәрья бойларына 80 инфраструктура объекти ҳәм 110 километрден артық саўалландырыў жоллары қурылыўы;
жаўын ҳәм ақаба суўлардан нәтийжели пайдаланыў, мәҳәллелердеги тереклерди заманагөй суў үнемлейтуғын технологиялар арқалы суўғарыў системасын енгизиў нәтийжесинде көгалландырыў дәрежеси арттырылыўы;
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары ҳәм «Мениң бағым» жойбары шеңберинде 200 миллион түп терек ҳәм нәллер егилиўи, «жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмийетлик парклер»де қуяш панеллери жәрдеминде қуўатландыратуғын жақтыландырғышлардан пайдаланылыўы;
Арал теңизи түбинде 100 мың гектар «жасыл майдан» жаратылыўы ҳәм Арал бойы аймағындағы тоғайлар 2,1 миллион гектарға жеткерилиўи;
тоғай менен қапланған майданлар 4,1 миллион гектарға жеткерилиўи ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар 14,5 процентке кеңейтилиўи және олардың экотуризм, нәл жетистириў ҳәм шыпалы шөплер жетистириў бағдарларындағы пайдаланылмай атырған резервлерди анықлап, олардың имканиятларынан толық пайдаланылыўы ҳәм халықтың дәраматларының арттырылыўы;
Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының таңлап алынған аймақларында шорланыўға ҳәм суўсызлыққа шыдамлы өсимликлер (галофит) бағларының жаратылыўы;
Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сурхандәрья, Жиззақ, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында мәмлекетлик «ин-витро» лабораториялары шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, жеке меншик «ин-витро» лабораторияларын қурыўға исбилерменлик субъектлерине кредитлерди ажыратыў ушын халықаралық қаржы институтларынан кеминде 30 миллион доллар муғдарында қаржылар тартылыўы;
жәмийетшилик, экобелсендилер ҳәм бизнес ўәкиллериниң тәбиятты қорғаў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаў акселерация системасы енгизилиўи тәмийинленсин.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип тийисли түрде Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдухакимов, аўыл хожалығы министри И.Абдурахмонов, экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары И.Норқулов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
- 2025-жылы халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыўға шараятларды жаратыў бағдарында:
а) халықтың күнделикли турмысына экологиялық принциплерди сиңдириў арқалы елимизде «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўмамиллий ҳәрекети жолға қойылсын ҳәм халықтың арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары шөлкемлестирилсин. Бунда оның тийкарғы принциплери етип төмендегилер белгиленсин:
халықтың арасында саламат турмыс тәризи, атап айтқанда, медициналық мәдениятты арттырыў, саламат аўқатланыў, күнлик жүриў ҳәм жуўырыўды үгит-нәсиятлаў;
«жасыл транспортта», соның ишинде, велосипедте ҳәрекетлениўди хошаметлеў;
пластикалық өнимлерден пайдаланыўды азайтыў;
азық-аўқатты ысырап етиўдиң алдын алыў;
суў, газ ҳәм электр энергиясы ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў;
шығындыларды түрлерине қарап жыйнаўды жолға қойыў;
б) медицинаның басланғыш буўынында төмендегилерди нәзерде тутатуғын трансформация басқышпа-басқыш әмелге асырылсын:
шаңарақлық поликлиникалар, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм мәҳәлле медицина пунктлеринде халыққа басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжели системасын енгизиў;
көп тармақлы орайлық поликлиникалардың жумысын орайлық емлеўханалардың мәсләҳәт диагностика поликлиникасы сыпатында жолға қойыў;
орайласқан лабораториялар шөлкемлестириў, шыпакер қабыллаўына гезекти толық электрон тәризге өткериў, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен санитариялық-гигиеналық нормаларға әмел етиў үстинен қадағалаў күшейтилген ҳалда стоматология хызметин аутсоринг тийкарында жеке секторға бериў;
медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, медицина хызметкерлериниң мийнет нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлерин ислеп шығып, нәтийжелиликке ерискен хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстемени енгизиў;
ўәлаят дәрежесиндеги қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсететуғын медицина мәкемелерин зәрүр жатыў орынларын (койка) жаратқан ҳалда басқарыў, қаржы ҳәм шөлкемлестириў жағынан заманагөй көп тармақлы клиникалар тәризинде қайта шөлкемлестириў;
в) инсан потенциалын арттырыў, билимлендириўге қолайлы орталық жаратыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде 2025-2026-оқыў жылынан:
Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениўниверситети экология, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи сыяқлы билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша жетекши жоқары билимлендириў шөлкеми етип белгиленсин;
Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде «циркуляр экономика» билимлендириў бағдарында кадрлар таярлаў әмелияты жолға қойылсын;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетине бириктирилетуғын «жасыл техникумлар»дың жумысы жолға қойылсын;
тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, экономика ҳәм қаржы бағдарларындағы мәмлекетлик жоқары оқыў мәкемелеринде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл раўажланыў» пәни оқыў бағдарламалары киргизилсин;
жоқары билимлендириўде грант орынларын басқышпа-басқыш көбейтиўдиң есабынан анық ҳәм тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, хызметлер, медицина сыяқлы тараўларда мәмлектелик буйыртпа 25 мыңға жеткерилсин;
«Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи билимлендириў бағдарламалары тийкарында билим алыўы ушын стипендия таңлаўына 20 ға шекем квота ажыратылып барылсын;
республиканың ҳәр бир районында (қаласында) басқышпа-басқыш инклюзив билимлендириў талапларына жуўап беретуғын кеминде бир улыўма билимлендириў мектебиниң жумысы шөлкемлестирилсин;
«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде 3,5 мың кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин таярлап, жоқары оқыў орынларына белгиленген тәртипте грант тийкарында қабыллаў жумыслары шөлкемлестирилсин;
г) 2025-жыл 1-мартқа шекем дурыс аўқатланыў, денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўдың инсан саламатлығына пайдасын үгит-нәсиятлаўды күшейтиў бағдарламасы ислеп шығылсын;
г) 2025-жыл 1-августқа шекем азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы қәўип-қәтерлерди анықлаў, баҳалаў, басқарыў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде уйымлар аралық тутас Миллий мәлимлеме платформасы ислеп шығылсын.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип тийисли түрде денсаўлықты сақлаў министри А.Худаяров, спорт министри А.Икрамов, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Захидов, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.Шарипов, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдухакимов, аўыл хожалығы министри И.Абдурахмонов белгиленсин.
- Төмендегилер:
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров, Э.Адилов) 2025-жыл 1-июльге шекем медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң жумысын басқышпа-басқыш мәмлекетлик дизимнен өткериў системасын анық механизмлерди нәзерде тутқан ҳалда енгизиў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин;
Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров, Э.Адилов) менен биргеликте 2025-жыл 1-ноябрьге шекем медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилип атырған аймақларда рецепт тийкарында берилетуғын дәри қуралларын «электрон рецепт» системасы тийкарында тайынлаў әмелиятын жолға қойсын.
- Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги (А.Абдухакимов) ҳәм Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) 2025-жыл 1-июньға шекем «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын платформаны иске қоссын:
экологиялық принциплерди өзиниң күнделикли турмысына енгизиўде жоқары көрсеткишлерге ерискенлерге «Экобелсенди пуқара» статусын бериў ҳәм олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10 процент шегирме 50 проценттен жоқары болған банклерде тутыныў кредитин алыўда шегирме бериў;
шаңарақтың барлық ер жеткен ағзалары «Экобелсенди пуқара» статусын алғанда, бул шаңараққа «жасыл шаңарақ» статусын бериў ҳәм оларға ҳәр жылы ашық таңлаў арқалы 14 электромобиль бериў;
халқының ярымы «жасыл шаңарақ» статусын алған мәҳәллелерде «Ең таза мәҳәлле» ҳәм «Ең жасыл мәҳәлле» таңлаўларын өткериў ҳәм жеңимпаз болған мәҳәллелер қорына мәҳәлле халқының усынысларын үйренген ҳалда мәҳәллениң ишки инфраструктурасын және де жақсылаў илажларын қаржыландырыўға, атап айтқанда, жолларды оңлаў, энергоүнемлеўши жақтыландырыў үскенелерин орнатыў, балалар майданшасын қурыў, «жасыл бағ» жаратыў ҳәм отырғышлар орнатыў, шығынды жыйнаў майданшаларын қурыў, шығынды қутылары ҳәм контейнерлерди орнатыўға 500 миллион сум ажыратыў.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкерлер етип тийислисинше экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдуҳакимов, санлы технологиялар министри Ш.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
- Халық, әсиресе, жас әўлад ўәкиллери тәрепинен санитариялық-гигиеналық қураллардан пайдаланыў имканиятларын және де кеңейтиў мақсетинде 2025-жыл 1-майдан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Таза қоллар» бағдарламасы әмелге асырылсын ҳәм халықтың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары шөлкемлестирилсин:
а) барлық денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў мәкемелринде:
қол жуўыў орынларын зәрүр санитариялық-гигиеналық қураллары менен тәмийинлеў;
санитариялық-гииееналық ханалардың техникалық жағдайын жақсылаў, жаңадан қурылып атырған мәкемелерде оларды имараттың ишки бөлиминде жайластырыў;
жыл даўамында биринши гезекте қол жуўыў ҳәм антисептик қуралларды сатып алыўды нәзерде тутыў;
б) барлық түрдеги жәмийетлик санитария-гигиена ханалары, улыўмалық аўқатланыў шөлкемлерин санитариялық-гигиеналық қураллар менен тәмийинлеў миннетлемесин киргизиў.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги (И.Норқулов) биринши дәрежели қаржы бөлистириўшилердиң тийкарланған есап-санақларына бола 2025-жыл даўамында бюджет шөлкемлеринде усы бәнттеги илажлар ушын зәрүр болған жағдайларда қосымша қаржылар ажыратсын.
Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети (Б.Юсупалиев) бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған мәкемелерде санитариялық-гигиеналық жағдайды сақлаў ушын қураллар ажыратыў бойынша нормативлерди қайта көрип шықсын ҳәм олардың әмелде орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Худаяров), Экономика ҳәм қаржы министрлиги (О.Фазилкаримов), Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (У.Умарова) Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги (Ш.Хидоятов) менен биргеликте 2025-жыл 1-августқа шекем Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң халықаралық экспертлерин тартқан ҳалда республиканың барлық социаллық тараў мәкемелеринде, соның ишинде, улыўмалық аўқатланыў орынлары ҳәм ўәлаятлараралық автомобиль жоллары бойындағы санитария-гигиена орынларының санитариялық-гигиеналық системасын жақсылаў бойынша бағдарламаны Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин қадағалаў системасын күшейтиў ҳәм бул бағдарда санитариялық қағыйдаларды ислеп шығып, нормаларды жоқары стандартларға муўапықластырыў мақсетинде:
2025-жыл 1-июльге шекем Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң лабораторияларын азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў илажлары көрилсин;
2025-жыл 1-августқа шекем азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитариялық қағыйдалар ҳәм нормалар Жәҳән саўда шөлкеминиң талапларына муўапықластырылыўы тәмийинлесин ҳәм оларға әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатылсын.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Худаяров белгиленсин.
- 12. 2025-жылы тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бағдарында:
1 мың километр каналларды бетон қаплама өткерип, суўды үнемлеўши технологиялардың қамтып алыныўын 1,6 миллион гектарға жеткериў есабынан жылына қосымша 2,5 миллиард метр куб суўды үнемлеўге ерисилиўи;
насос станцияларында ескирген насос ҳәм электрдвигательлерди заманагөй энергия үнемлеўшиге алмастырыў, суў ресурсларының есабын жетилистириў арқалы насос станцияларының электр энергиядан пайдаланыўын 300 млн кВтға шекем азайтылыўы;
ирригация ҳәм мелиорация системалары объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў арқалы 390 мың гектар аўыл хожалығы жер майданларының суў тәмийнаты жақсыланыўы;
жумсалып атырған суўдың есабы ҳәм есабаты толық алып барылыўын тәмийинлеў мақсетинде магистраль каналлар ҳәм әҳмийетли суў объектлеринде суўдың бирден-бир онлайн есабын алып барыў системасының енгизилиўи;
1,8 мың километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, 77 ишиклик ҳәм ақаба суў имаратларының қурылыўы ҳәм реконструкцияланыўы;
ишимлик суў системасының айырым ескирген 746 насос үскенелери энергия үнемлегишине алмастырылыўы, аймақларда 65,2 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллериниң орнатылыўы, суў имаратлары ҳәм магистраль суў тармақларына 955 заманагөй суў есаплағышлар орнатылыўы;
барлық ишимлик суў тәмийнаты кәрханаларында сапа мониторингин жүргизиў ҳәм мағлыўматларды басқарыў орайларының жаратылыўы;
дәрьялар, көллер ҳәм каналларға ҳәр қыйлы патасландырыўшы элементлер тасланыўы үстинен қадағалаў күшейтилиўи тәмийинленсин.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкерлер етип тийислисинше суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Ш.Хидоятов, энергетика министри Ж.Мирзамахмудов, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдуҳакимов белгиленсин.
- Кең жәмийетшилик, халықаралық ҳәм жергиликли экобелсендилер, Өзбекстан экологиялық партиясы ҳәм Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң усынысын инабатқа алған ҳалда:
а) 2025-жыл 1-майдан баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында төмендеги бағдарларда жаңа жойбарларды әмелге асырыў қадаған етилсин:
асбест, цемент ислеп шығарыў, шлам ҳәм шлаклар;
тери-ийлеў, қусшылық фабрикалары;
нәтийжелилиги жоқары болған шаң-газ тазалаў объектлери менен үскенеленбеген ҳәр қандай түрдеги көмир жағыў;
қара ҳәм реңли металлургия заводлары, қурамында зәҳәрли араласпалар болған айна, зәҳәрли химиялық элементлер менен ислесиў;
қәўиплилик дәрежесиниң I ҳәм II класына тийисли шығындыларды қайта ислеў ҳәм жағыў кәрханалары;
б) 2025-жылдың ақырына шекем төмендеги ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге барлық күш ҳәм ресурслар қаратылсын:
халықты сапалы, экологиялық таза ҳәм арзан жанылғы менен тәмийинлеген ҳалда АИ-80 маркалы автомобиль жанылғысынан пайдаланыў ҳәм сатыўды шеклеў;
республиканың барлық аймақларында жайласқан ыссылық ҳәм электр энергиясы ислеп шығарыў кәрханаларына жанылғы сыпатында мазуттан пайдаланыўды толық қадаған етиў, авариялық жанылғы сыпатында Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигин хабардар етип, Министрлер Кабинети менен келискен ҳалда пайдаланыў жағдайлары буған кирмейди;
в) 2025-жыл 1-ноябрьге шекем Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен пластикалық шығындыларды қысқартыў бойынша төмендеги халықаралық тән алынған механизмлерди нәзерде тутыўшы нызам жойбары ислеп шығылсын:
платискалық шығындыларды қабыл етиўши арнаўлы орынлар ҳәм үскенелерди орнатыў арқалы жыйнап алыў ҳәм утилизациялаў ямаса утилизация жыйымын төлеў;
пластикалық ораў ушын ыдыслар ҳәм пластикалық ораў ушын ыдысларда өним ислеп шығарыўшы ҳәм импорт етиўшилерге «тараларды қайтарыў», пуқараларға шығындыларды қабыл етиўши арнаўлы үскенелерге тапсырылған ҳәр бир пластикалық ыдыс ушын төлем етиў имканиятын жаратыў сыяқлы миннетлемелер енгизиў.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги (А.Абдуҳакимов) Экономика ҳәм қаржы министрлиги (И.Норқулов), Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамаҳмудов), Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Қудратов) ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте 2025-жыл 1-октябрьге шекем усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген ҳәм энергия жумсалыўы жоқары болған бағдарлардағы бар қуўатлықларды модернизациялаған ҳалда Ташкент ҳәм Нөкис қалалары сондай-ақ, ўәлаят орайларынан басқышпа-басқыш көшириў бойынша тийкарланған усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм қала қурылысы жумысының экологияға унамсыз тәсирин илим ҳәм заманагөй технологияларды қолланған ҳалда жылаўлаў мақсетинде:
2025-жыл 1-августтан баслап техникалық жақтан тәртипке салыў ҳүжжетлери болған экологиялық нормалар ҳәм қағыйдаларды қабыллаў тәртиби орнатылсын;
2025-жыл 1-октябрьден баслап энергетика, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўлары ҳәм химия санаатында экологиялық нормативлерди индивидуал белгилеў усылының орнына тармақ усылын қолланыў әмелияты жолға қойылсын;
2026-жыл 1-январьдан баслап республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған кәрханалар тәрепинен өз жумысында Турақлы раўажланыў бойынша халықаралық кеңестиң турақлы раўажланыў ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаў стандартларын енгизиў (ISSB) әмелияты жолға қойылсын.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги (А.Абдуҳакимов) жетекши халықаралық ҳәм жергиликли экспертлерди тартқан ҳалда үш ай мүддетте атмосфера, жер, жер асты ҳәм суў патасланыўын азайтыўға қаратылған экологиялық норма ҳәм қағыйдаларды ислеп шығыў бойынша бағдарламаны Министрлер Кабинетине киргизсин.
Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров, Ж. Ходжаев қоршаған орталықты қорғаў илажларын әмелге асырыў, соның ишинде, шөллениўге қарсы гүресиў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўларында стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Экология қорына халықаралық қаржы институтлары ҳәм бюджет қаржылары есабынан 25 миллиард сум муғдарындағы қаржылар өткерип берилиўин тәмийинлесин.
- Кең жәмийетшилик, халықаралық ҳәм жергиликли экобелсендилер, экология тараўы илимий жәмийетшилигиниң усынысларын инабатқа алған ҳалда топырақтың өнимдарлы қатламын сақлап қалыў ҳәм жасыл аймақларды сақлаў мақсетинде:
2025-жыл 1-июльден баслап көп қабатлы турақ жайлар массивлериндеги топырақ ҳәм жасыл қапламалы улыўма пайдаланыўдағы аймақларды өзбасымшалық пенен бетонластырылғаны, қурылма ҳәм конструкцияларды орнатқаны ушын жуўапкершилик илажлары күшейтиледи;
2025-жыл 1-августтан баслап пискен гербиш ислеп шығарыўдан альтернатив технологиялардан кең пайдаланыўға өтиў мақсетинде дийўалға жарамлы материаллардан (пеноблок, газоблок) кеңнен пайдаланыўшы қурылыс шөлкемлерине “Ашық айдын қурылыс” пластформасында үстинлик бериледи;
2026-жыл 1-январьдан баслап пискен ҳәм қам гербиш ислеп шығарыўда жер қатламынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы 2025-жыл ушын белгиленген ставкаға 2 есеге арттырылған ҳалда қолланады ҳәм 2027-жылдан баслап басқышпа-басқыш қосымша түрде арттырылады;
2027-жыл 1-январьдан баслап жер ресурсларын қорғаў ҳәм топырақтың өнимдарлы қатламы жоғалып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде аўыл хожалығына, тәбиятты қорғаў, саламатландырыў ҳәм рекреция мақсетлерине мөлшерленген жерлер, тарийхый-мәдений әҳмийетке ийе жерлер, тоғай ҳәм суў фонды жерлеринде топырақ карьерлери жумысы қадаған етиледи;
көп қабатлы турақ жайларды жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыўға қабыл етиўде ақаба, жаўын ҳәм техникалық суўлардан суўғарыўда пайдаланыў системаларын шөлкемлестириў мәжбүрий етип белгиленеди.
- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Қудратов), Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамахмудов), Экономика ҳәм қаржы министрлиги (И.Норқулов), Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги (Ш.Хидоятов), Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги (А.Жуманазаров), Саўда-санаат палатасы (Д.Вахабов) еки ай мүддетте энергия нәтийжели материалларды мәмлекетимизде ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм олардан кеңнен пайдаланыў бойынша бағдарламаны Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өсимлик ҳәм хайўанат дүньясын сақлаў, көбейтиў ҳәм оларды кейинги әўладқа жеткериў бағдарында 2025-жыл 1-сентябрьден баслап жабайы ҳалда өсетуғын өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў ушын тастыйықланған квоталар ҳәм өсимлик дүньясы объектлеринен арнаўлы пайдаланыў ушын руқсатнамаларды электрон аукцион арқалы бериў тәртиби енгизилсин. Онда:
квоталар Илимлер академиясы тәрепинен ҳәр жылы анықланатуғын өсимлик резерви тийкарында қәлиплестириледи;
квота ҳәм руқсатнамалар Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен тастыйықланып, аукционға шығарылады.
Усы бәнттиң сөсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдухакимов белгиленсин.
- Қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II категорияларға тийисли кәрханалардың экологиялық өндириске өтиўдеги ҳәрекетлерин хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-августтан баслап төмендеги тәртип енгизилсин:
а) биринши басқышта – атмосфера ҳаўасының патасланыўы фон мониторинги станцияларын орнатқан кәрханаларға:
тәбиятқа зыян жеткериў бойынша республикалық бюджетке бағдараланатуғын компенсация төлемлерин 50 процентке шекемги бөлегин еки жыл даўамында қайтарыў;
б) екинши басқышта – мониторинг станцияларын орнатқан кәрхана келеси бир жыл даўамында шаң-газ ҳәм локал суў тазалаў үскенелерин орнатқанда, тәбиятқа зыян жеткериў бойынша республикалық бюджетке бағдарланатуғын компенсация төлемлериниң 70 процентке шекемги болған бөлегин еки жыл даўамында қайтарыў белгиленсин.
Онда усы бәнтте нәзерде тутылған жеңилликлер мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен берилетуғын жуўмақ тийкарында усыныс етиледи;
в) 2025-жыл 1-ноябрьге шекем Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен хожалық жумысын жүргизиўши кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен жеткерилген экологиялық зыянларды мәжбүрий қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылсын.
Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов еки ай мүддетте республикада атмосфера ҳаўасы патасланыўының алдын алыў, атап айтқанда, санаат кәрханалары ҳәм ыссыханаларда шаң-газ ҳәм локал суў тазалаў үскенелерин басқышпа-басқыш орнатыў бойынша бағдарламаны тастыйықласын ҳәм оның орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын.
- 2025-жыл 1-сентябрьден баслап исбилерменлик субъектлерин “жасыл исбилермен” сыпатында тән алыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын платформа иске қосылсын:
а) төмендеги бағдарларда белгиленген көрсеткишлерди орынлаған исбилерменлик субъектлерине “жасыл исилермен” статусын бериў:
көклемзарластырыў, соның ишинде, кәрхананы “жасыл белбеў” менен ораў, суўғарыў системаларын орнатыў, тамшылатып, жаўынлатып ҳәм контейнерли (қаплы) суўғарыў системасын енгизиў;
энергияны үнемлеўди тәмийинлеў, соның ишинде, энергия үнемлеўши үскенелер ҳәм технологияларды енгизиў;
кәрхананың қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў, соның ишинде, экологиялық ҳуқықбузарлыққа қол урмаў, атмосфераға тасландыларды онлайн мониторинг етиў системасын енгизиў;
өндириске циркуляр экономиканы енгизиў (“7R”) принципин енгизиў;
б) “жасыл исбилермен” статусын алған исбилерменлик субъектлерине төмендеги қоллап-қуўатлаў илажларын қолланыў:
“Ашық-айдын қурылыс” платформасында үстинлик бериў;
Белгили мүддет даўамында экологиялық тексериўлерден азат етиў;
Халықаралық базарларға шығыў ушын қоллап-қуўатлаў:
Исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтинги шеңберинде қосымша балл бериў.
- Халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен қайта тикленетуғын энергия дереклеринен кеңнен пайдаланыўды хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-апрельден баслап шығындылар утилизациясы есабынан ҳәм самал ҳәм қуяш дереклеринен ислеп шығарылған электр энергиясы ушын “жасыл тариф”лер енгизилсин. Онда:
исбилерменлик субъектлери тәрепинен шығынды ҳәм биогаз утилизациясы арқалы ислеп шығарылатуғын ҳәм шөлкемлердиң өз аймақларында орнатқан самал ҳәм қуяш электр қурылмаларынан ислеп шығарылатуғын электр энергиясы ушын;
халықтың қуяштан алынған ҳәм пайдаланыўға өз мүтәжлигинен арттырып, мәмлекетке сататуғын электр энергиясы ушын жеңилликли тарифлер белгиленеди.
- Экономиканы декарбонизациялаў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў бойынша:
а) 2025-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасында “жасыл қаржыландырыў” системасын қәлиплестириў бойынша миллий бағдарлама ислеп шығылсын;
б) 2025-жылдан баслап төмендеги дереклер есабынан жасыл ҳәм аз углеродлы раўажланыў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға жеңилликли кредит ҳәм грант қаржыларын тартыў илажлары көрилсин:
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен – басқышпа-басқыш 200 миллион евроға шекем;
Жәҳән банкинен – энергетика секторында метан эмиссиясын азайтыў ушын 10 миллион АҚШ доллары;
Глобал жасыл өсиў институты арқалы Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги техникалық жәрдеми шеңберинде – Өзбекстан – Корея арасында “жасыл бирге ислесиў”ди күшейтиў ушын 6,5 миллион АҚШ доллары;
Жәҳән банкиниң “iCRAFT” жойбары шеңберинде – 500 мың тонна қысқартылған ыссыхана газлерин сатыў есабынан 7,5 миллион АҚШ доллары;
Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетинен – санаатты жасылландырыў ҳәм азот кислотасы ислеп шығарыўшы кәрханалардың атмосфераға шығарып атырған зыянлы газлерин қысқартыў ушын 20 миллион евро;
в) 2025-жыл сентябрьге шекем “жасыл экономика” жойбарларын әмелге асырыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған миллий “жасыл экономика” жойбарларын баҳалаў тәртиби енгизилсин;
г) 2025-жыл ноябрьге шекем баҳасы 10 миллион АҚШ долларынан жоқары болған мәмлекетлик -жеке меншик шериклик тийкарында жаңа жойбарларды “Source” халықаралық платформасына киргизиў арқалы жойбарлардың “жасыл компонент”лери ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине сәйкеслигин баҳалаў әмелияты жолға қойылсын;
д) Европа Аўқамының техникалық жәрдеминде Бухара, Наманган, Нөкис, Үргенш қалалары ҳәм Ғузор районында аз углеродлы раўажланыў бойынша ҳәрекетлердиң режелери ислеп шығылыўы ҳәм 10 жәмийетлик объекттиң энергия нәтийжелилигиниң арттырылыўы тәмийинленсин.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоров белгиленсин.
- 2025-жылы экологиялық турақлылықты тәмийинлейтуғын аймақлар ҳәм тармақлараралық муўапықластырыўды тәмийинлеў бағдарында:
2025-жылдан баслап қәлиплестирилетуғын инвестиция бағдарламалары, тармақ, тараўлар ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша жаңа жойбарлардың 15 процентинде, 2027-жылдан баслап – 30 процентинде, 2030-жылдан баслап – 55 процентинде “жасыл компонентлер” болыўы зәрүр екенлиги;
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен ислеп шығылатуғын углерод нейтраллығына ерисиў, климат өзгериўине бейимлесиў, қоршаған орталықты қорғаў, жасыллық дәрежесин арттырыў ҳәм “жасыл жойбарлар”ды әмелге асырыўға қаратылған “жасыллық бағдарламалары” Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықланатуғыны;
ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық объектлердиң қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм “жасыл технология”ларды енгизиў бойынша экологиялық рейтинги жүргизилип барылатуғыны белгиленсин.
- Аймақларда қоршаған орталықты қорғаў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, аймақлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысын жетилистириў мақсетинде:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен келискен ҳалда экология ҳәм “жасыл раўажланыў” мәселелери бойынша консультантлар халықаралық қаржы институтлары грант қаржылары есабынан тартылсын;
2025-жыл 1-сентябрьден баслап район (қала) дәрежесинде экологиялық паспортлар ҳәм экологиялық мастер режелер ҳәм аймақлардың экоглогиялық рейтингин ислеп шығыў ҳәм кең жәмийетшиликке усыныў әмелияты енгизилсин.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А. Абдухакимов тартылатуғын консультантлардың жумысын муўапықластырыўға жуўапкер етип белгиленсин.
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы (Қ. Куранбаев):
бир ҳәпте мүддетте район ҳәм қалалар кесиминде 2025-жылы “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде мәҳәллелерде терек нәллерин ҳәм шаңарақлар ҳәм ишки көшелерге гүл ҳәм қәлемшелерди егиў бағдарламалары Министрлер Кабинетине киргизилиўин;
2025-жылдың бәҳәрги-гүзги мәўсимлеринде республикадағы барлық мәҳәллелердиң ишки көшелери ҳәм халықтың шаңарақларында 32 миллион түп мийўели ҳәм саяманлы тереклер, пута нәллерин ҳәм райхан, гүлтажы, әтиргүл ҳәм басқа гүллер, сондай-ақ, қәлемшелерди егиў ҳәм тәрбиялап барыўды;
“Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” критерияларын енгизиў мақсетинде 2025-жылдың 10-февралынан 1-мартына шекем ҳәр бир шаңарақ, көше ҳәм қойымшылықларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириўди;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Наўрыз байрамына шекем мәҳәллелер арасында “Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” таңлаўлары өткерилиўин тәмийинлесин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қоры, қәўендерлик ҳәм қайырқомлық қаржылары есабынан әмелге асрылыўы белгиленсин;
б) Бас прокуратура (Ш.Тўхтабоев) Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы (Қ.Куранбаев) менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда усы бәнтте нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатылыўын тәмийинлесин.
- 2025-жыл 1-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаят ҳәм район (қала) ҳәкимликлерин лаўазымларына тастыйықлаў ҳәм лаўазымнан босатыўда төмендеги экологиялық көрсеткишлерин белгилеў бойынша экологиялық аудит өткерилип барылсын:
Аймақтың жасыллық ҳәм тоғайлар менен қапланғанлық дәрежеси ҳәм тоғайлар ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар майданы;
аймақтағы тереклер саны;
тереклер ҳәм ири санаат кәрханаларының жасыл белбеўлер менен оралғанлық дәрежеси;
суў бассейнлери ҳәм дәрья аңғарларындағы қум ҳәм шағыл-таслар жағдайы;
атмосфераға тасландылар муғдары ҳәм ҳаўа патасланыўының дәрежеси;
қоршаған-орталыққа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II категорияларға тийисли кәрханалардың атмосфера ҳаўасы патасланыўы фон мониторинги станциялары, шаң-газ ҳәм локал суў тазалаў үскенелериниң орнатылғанлығы жағдайы;
халыққа шығындылар бойынша хызмет көрсетиўдиң қамтып алыныўы, шығынды жыйнаў шақапшалары ҳәм контейнерлери менен тәмийинлениў жағдайы ҳәм хызмет көрсетиў сапасы дәрежеси.
- . Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги (А.Абдухакимов) бир ай мүддетте мәмлекетлик экология қадағалаўы ҳәм тексериўди әмелге асырыў тәртибин жетилистириў, Мәмлекетлик экологиялық қадағалаў инспекциясының жумыс нәтийжелилигин түп тийкарынан арттырыў, оның хызметкерлерин арнаўлы техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўда парламент қадағалаўын және де күшейтиў мақсетинде Ҳүкиметтиң Мәмлекетлик бюджетке байланыслы барлық есабатларын Олий Мажлис палатасына Есап палатасының сыртқы аудит жуўмағы менен биргеликте киргизиў әмелияты жолға қойылсын.
- Бас министрдиң орынбасары Ж.Ходжаев, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри А.Абдухакимов, экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары И.Норқулов туризм потенциалы жоқары болған таўлы аймақлар, суў сақлағышлары ҳәм суў бассейнлери ҳәм дәрья бойларында “апарт-отель”, “капсула” жайлар ҳәм усы сыяқлы жайластырыў қуралларынан ибарат туризм комплекслерин шөлкемлестириўге 500 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестицияларды тартыў илажларын көрсин.
- Аўыл хожалығы жерлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм халықты турақлы дәрамат дереклери менен тәмийинлеў мақсетинде:
2025-жыл 1-мартқа шекем тәжирийбе –сынақ бойынша таңлап алынған жер участкалары контурлар пүтинлигин ҳәм суўғарыў системасын бузбаған ҳалда, 3 гекттардан 50 гектарға шекемги өлшемлерде, ижарашылардың еркинлиги ҳәм жоқары қосымша қунына ийе егинлер жетистириўге тийкарланған жаңа система бойынша аукцион саўдалары арқалы ажыратылсын;
топырақ агрохимиялық таллаўларды өткериў мақсетинде 10 портативлик-мобиль лабораторияны сатып алыў тәмийинленсин;
органикалық аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын жер майданлары 10 мың гектарға жеткерилсин.
Усы бәнттиң орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип аўыл хожалығы министри И.Абдурахмонов белгиленсин.
- Санлы технологиялар министрлиги (Ш. Шерматов) Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) менен биргеликте 2025-жыл 1-октябрьден баслап мәмлекетлик хызметкерлер көрсетилиўинде қағаз түриндеги ҳүжжетлер айланысының толық электрон усылға өткерилиўин тәмийинлесин.
- “Өзбекстан–2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) шеңберинде төмендегилер 1-21-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын:
2025-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси;
2025-жылы ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының дизими;
2025-жылға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер;
2025-жылы қоршаған орталықты қорғаў бағдарында министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен биринши гезекте әмелге асырылыўы керек болған илажлар режеси;
2025-жылы қоршаған орталықты қорғаў бойынша халықаралық бирге ислесиў бағдарындағы илажларды әмелге асырыў режеси;
Өзбекстан Республикасында “Жасыл туризм” бағдарламасын әмелге асырыў илажлары режеси;
2025-жылы аймақларда қайта тикленетуғын энергия дереклери қуўатлықларын енгизиў режеси;
2025-жылы бәҳәр-гүз мәўсимлеринде “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде мәҳәллелерде тереклерди егиў бойынша реже;
2025-жылы бәҳәр мәўсиминде мәҳәллелерде турақ жайлар ҳәм ишки көшелерге гүл ҳәм қәлемшелерди егиў бойынша реже.
- Бас прокуратура (Ш.Аминов) киши қуўатлықтағы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатыў режесиниң орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, қуяш панельлери ҳәм гелиоколлекторлар орнатылыўында нызамшылық талапларына сөзсиз әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырып барсын.
- Мәмлекетлик бағдарламаны сөзсиз, сапалы ҳәм толық әмелге асырыў барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши гезектеги әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланатуғыны;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары Мәмлекетлик бағдарламада ҳәр шерек кесиминде тийисли бағдар ҳәм аймақ бойынша белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў, нәзерде тутылған илажларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын өз ўақтында ҳәм пуқта ислеп шығыў ушын жеке жуўапкер болатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
Әдиллик министрлиги Есап палатасы менен биргеликте Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде бағдарлар бойынша әмелий илажлар режелериниң орынланыўы, мақсетлик көрсеткишлерге ерисилиўин ҳәм тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ислеп шығылыўын системалы мониторинг етип барсын;
“Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм “Юксалиш” ҳәрекети Мәмлекетлик бағдарламаның әмелге асырылыўын, соның менен бирге, орынларға барып, жәмийетшиликтиң пикирин инабатқа алған ҳалда сын көзқарастан үйренип барсын ҳәм нәтийжелери бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын;
Мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм “Юксалиш” ҳәрекетиниң усы бәнттиң орынланыўы бойынша жумысына ҳәр тәреплеме жәрдемлесип барсын.
- Министрлер Кабинети:
бир ҳәпте мүддетте усы Пәрман ҳәм оның менен тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын әмелге асырыўға қаратылған илажларды қабыл етсин;
ҳәр айдың жуўмағы бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша мағлыўматларды улыўмаластырып, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизип барсын;
ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Мәмлекетлик бағдарламада жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын Министрлер Кабинетиниң Президиумы мәжилисинде додалап барсын;
ҳәр ярым жылда Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша есапларды Олий Мажлис Нызамшылық палатасынан киргизип барсын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Джурабаев) ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары менен биргеликте турақлы түрде:
Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўдың нәтийжелери, «жасыл экономика»ға өтиўдеги жетискенликлерди сәўлелендиретуғын аналитикалық материаллардың ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет тармағында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен шолып барылыўын және оның мазмун-мәниси жәмийетшиликке түсиндирилиўин;
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған барлық илажлардың барысы және нәтийжелери ҳаққындағы қалыс ҳәм толық мағлыўматлар халыққа оператив түрде жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын турақлы түрде додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў «Өзбекстан – 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияға жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 7-февраль