Хызметлер тараўларын раўажландырыў илажлары додаланды

236

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-февраль күни аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Үш жыл бурын бул бағдарда үлкен бағдарлама исленгени бүгин өзиниң нәтийжесин бермекте. Сервис тараўында қосымша 1,5 миллион халық турақлы дәраматқа ийе болды. Хызметлер муғдары 2028-жылғы 19 миллиард доллардан 65 миллиард долларға артты. Әсиресе, мәлимлеме технологиялары, қаржы хызметлери, туризм, авиация, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында «үлкен секириў» болды.

Булар, жақсы, әлбетте. Бирақ имканиятлар буннан жүдә көп. Оларды турмысқа енгизиўде аймақларда ҳәм тараўларда бир тутаслық жоқ.

Мәселен, Хорезмге 6 миллион турист тартыў режелестирилген. Бирақ бул ушын самолёт ҳәм поездлардың қатнаўы жеткиликли емес. Медицина, авиация ҳәм энергетикада жеке сектор қатнасыўындағы жойбарлар 20 миллиард доллардан асқан. Бирақ ишимлик суўы, канализация ҳәм жол қурылысында бундай жойбарлар дерлик жоқ.

Мәжилисте усындай машқалалар талқыланып, аймақларда ҳәм тараўлардағы үлкен имканиятлар көрсетип өтилди.

Кейинги жети жылда халықтың дәраматы ҳәм төлеў қәбилети 2 есеге артқаны атап өтилди. Бул ушын министрлер ҳәм ҳәкимлер хызмет түрлерин көбейтиў бойынша ҳәр күни изленип, исбилерменлерге жол ашыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Быйыл хызметлер көлемин 15 процентке арттырып, 82 миллиард долларға, экспортты болса 8,5 миллиард долларға жеткериў, тараўда 205 миллион адамды дәраматлы етиў белгиленген. Ең үлкен имканият банк-қаржы тараўында. Соның ишинде, девелоперлерге жаңа массивлер аймағының 10-15 процентин турақ жай емес жайларға өткериўге руқсат берилген. Буннан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде. банклер арқалы девелоперлерден мүлклерди тиккелей сатып алыў ҳәм исбилерменлерге қолайлы шәртлерде ижара ямаса лизингке бериў усынысы билдирилди. Бул арқалы 50 мың квадрат турақ жай емес жайлар ҳәрекетке кирисиўи, 100 мың жумыс орны жаратылыўы мүмкин.

Қаржы хызметлериниң көлемин 30 процентке арттырыў нәзерде тутылған. Мәҳәлле банклери жумыс баслап, халыққа жақынластырылғаны бунда қосымша имканият. Атап айтқанда, адамлар көп мүрәжат ететуғын кадастр, салық, әдиллик мағлыўматларын банклердиң мәлимлеме системасы менен байланыстырыў хызметлердиң көлемин кеңейтеди.

Быйылдан районларда сервисти раўажландырыў бойынша жаңаша қатнас болады. Бул бағдарда 1 мың 156 драйвер жойбар жергиликли кеңеслерде тастыйықланды. Олардың инфраструктурасына 1 триллион сум қаратылады.

Соның ишинде, быйыл 72 жағалық бойында дем алыў орынлары,  күни-түни ислейтуғын 154 туризм ҳәм гастрономиялық көшелерди шөлкемлестиреди. 62 дем алыў бағы заманагөй көриниске келтириледи. 364 жол бойы ҳәм басқа да сервис объектлери қурылады.

Еки жыл бурын саўда ҳәм хызметлер тараўындағы кәрханаларға социаллық салық 1 процент етип белгиленген еди. Өткен дәўирде кәрханалар саны 1,5 есеге көбейген. Әҳмийетлиси, көп исбилерменлер «сая»дан шығып, айлық мийнет ҳақыны дурыс көрсетиўге өтиўиниң нәтийжесинде мийнет ҳақы 3,2 есеге көбейип, қосымша 2,1 триллион сум салық түскен.

Усыларды есапқа алып, бул жеңиллик мүддетин және үш жылға созыў усынысы мақулланды. Енди бул жеңиллик сервис кәрханаларының кеминде 3 миллион сум айлық алатуғын 30 жасқа шекемги жумысшыларына қолланылады. Қурылыс, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларының жумысшылары менен қысқа мүддетли, жеңиллетилген мийнет шәрнамасын дүзиўи мүмкин болады.

Кейинги үш жылда 27 түрдеги мәмлекетлик хызметлер жеке меншик секторға бериледи. Бирақ министрликлер системасында исбилерменлер ислей алатуғын хызметлер еле көп. Быйыл және 29 мәмлекетлик хызмет жеке меншик секторға өткерилетуғыны айтылды.

Жер участкалары ҳәм мүлкти ижараға алыў ямаса меншиклестириў бойынша ашық-айдын, пайдалы шәртлерди ислеп шығыў ҳәм исбилерменлерге жәриялаў ўазыйпасы берилди.

Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 20-декабрьде қол қойылған аймақларда жоқары экономикалық өсим ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң жаңа системасына байланыслы пәрманы бул бағдарда үлкен имканият жаратты. Оған бола, быйыл 1-марттан баслап, 10 мың квадратқа шекемги ҳәм 6 ай даўамында сатылмаған районлардағы мәмлекетлик объектлер исбилерменлерге 10 жылға тиккелей ижараға бериледи. Төрт жыл даўамында ижара ҳақы ўақтында төленсе, бул жер исбилерменге меншиклестирилип бериледи. Жасларды  IT ҳәм шет тилине оқытып, халықаралық тән алынған сертификат беретуғын исбилерменлер биринши жылы ижара төлемейди.

Мәмлекетимиз басшысы аралықтан хызметлер экспортын жаңа басқышқа көтериў зәрүрлигин атап өтти. Бул ушын сырт еллердеги хызметлер базарын ҳәм талапларын үйренип соған сәйкес қәнигеликлер таярлаў ўазыйпасы берилди.

Быйыл креатив экономикадағы стартап жойбарлар ушын 50 миллион доллар ажыратылған. Бул арқалы жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, сырт ел компанияларында жумыс ислейтуғын жерлеслеримизди тартыў мақсет етилген.

Улыўма, быйыл IT хызметлериниң көлемин 30 процентке кеңейтип, 80 триллион сумнан, экспортты 1 миллиард доллардан асырыў имканияты бар екени айтылды. Аймақлардағы ҳәм тармақлардағы хызметлерди санластырыў бойынша да көрсетпелер берилди.

Сервисти раўажландырыўда қолайлы транспорт инфраструктурасы оғада әҳмийетли. Өткен жылы транспорт хызметлери 8,6 процентке өсип, 145 триллион сумды қурады. Бирақ жоқары экономикалық өсим ушын бул жеткиликли емес.

Сонлықтан елимиздеги қалалар арасында самолёт ҳәм поезд қатнаўларын көбейтиў, мультимодал логистика орайларын қурып, транзит жүк үлесин арттырыў, таксилерге қолайлылықты кеңейтиў бойынша қосымша илажлар белгиленди.

Булар арқалы быйылғы жылы транспорт хызметлериниң көлемин 185 триллион сумға, экспортты 2,3 миллиард долларға алып шығыў мүмкин екени көрсетип өтилди.

Хызмет бағдарындағы ең үлкен тараў бул туризм. Кейинги жылларда 90 нан аслам мәмлекетлер менен байланыслар жақсыланғанының нәтийжесинде сырт елли туристлер дерлик 4 есеге артты. Өткен жылы туризм хызметлериниң экспорты 3,5 миллиард доллар болды.

Бирақ елимиздиң потенциалы буннан бираз жоқары. Мәселен, Малайзия ҳәм Индонезия пуқаралары Умраға   барыўдан алдын ата-бабаларымыздың қәбирин зыярат етиўди қәлейди. Олар ушын «Умра плюс» хызмети жолға қойылатуғыны белгиленди.

Самарқанд, Шаҳрисабз, Бухара, Хийўа ҳәм Ташкенттеги туристлик комплекслерде халықаралық дәрежедеги концертлер ҳәм форумлар өткериў көпшиликти өзине тартады. Келиўшилер мийманхана, ресторан, саўда ҳәм басқа да кеўил ашар орынларға да қарыйдар болады.

Социаллық тараўларда да имканиятлар көп. Мәселен, өткен жылы «Медициналық хызметлер миймандослығы» бағдарламасы жолға қойылған еди. Бул сырт ел пуқараларын емлеў ҳәм экспортты арттырыў ушын қолайлылық.

Кейинги сегиз жылда 125 жаңа жоқары билимлендириў шөлкеми ашылған. Бирақ бул тараўдағы экспорт имканиятларына пүткиллей сәйкес емес. Ямаса бос турған айырым мәденият ҳәм көркем өнер орайларын да жеке меншик секторға бериў мүмкин.

Мәжилисте Президентимиз жуўапкер ҳәм исбилерменлер менен сөйлести. Тараў жуўапкерлери быйыл аймақларда 2 миллион 500 мың халықты бәнт етиў режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА