Роналдо: «Мен 1000 гол урмақшыман ҳәм олар видеожазыўлар менен тастыйықланады»

Саудия Арабстанының «Ан-Насср» клубы ҳүжимшиси Криштиану Роналдо футболдан кетиўден алдын әмелге асырмақшы болған мақсети ҳаққында айтты.
«Мен 1000 гол урыўды мақсет еттим, бирақ басқаларға салыстырғанда, мен урған барлық голлар видеожазыўлар менен тастыйықланған», деп Роналдоның сөзлерин келтиреди Footmercato басылымы Telefoot дерегине сүйенип.
Роналдо усы ўақытқа шекем 924 гол урған, соннан 789 ы клуб дәрежесинде, және 135 си болса Португалия сайланды командасы қурамында киргизилген. Усы мәўсимде ҳүжимши барлық беллесиўлерде 25 ойында майданға түсип, 23 гол ҳәм төрт пасьқа авторлық еткен. Трансфермаркт порталына бола, футболшының базар баҳасы 12 миллион евроны қурайды.
Мағлыўмат ушын, Пеле 1263 ушырасыўда 1279 гол урған, деп есапланып Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген. Бирақ бул голлардың нешеўи рәсмий ушырасыўларда киргизилгени мәлим емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги