Социаллық қорғаў миллий агентлиги Тақыятас районында болды

Алдын хабар бергенимиздей, Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров басқарманың сектор баслықлары менен бирге орынларға шыққан ҳалда «Инсан» социаллық хызметлер орайларының жумысы, 2025-жылы әмелге асырылатуғын жумыслары менен таныспақта.

Тақыятас районындағы дәслепки мәнзил бүгинги күнде «Tortkol xayriyat qurilish» ЖШЖ тәрепинен капитал оңлаў жумыслары алып барылып атырған «Инсан» орайы имараты болды.
Соң райондағы «Madina-Hayot-med» жеке меншик клиникасында «үйде» ҳәм «күндизги қатнаў» хызметлерин жолға қойыў нийетин билдирген исбилермен сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбиялаў хызметин шөлкемлестириў нийетин билдирген «Happy-Indigo» жеке меншик балалар бақшасы ийеси менен ушырасып, олардың усынысларын тыңлады.

Соңдай-ақ, райондағы спорт мектебинде шөлкемлестирилген адаптив спорт пенен шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар менен де танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги