Исбилерменликти раўажландырыў бойынша ҳәр қандай баслама қоллап-қуўатланады

236

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Қоңырат, Қанлыкөл, Хожели, Мойнақ ҳәм Шоманай районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўға районлардың ҳәкимлери, жуўапкер министрликлер менен мәкемелердиң басшылары қатнасты.

Онда экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, 2025-жылда әмелге асырылатуғын бағдарламалар шеңберинде жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириў арқалы жумыс орынларын жаратыў, бул бағдарда исбилерменлердиң машқалаларына шешим табыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жақыннан пикирлесилди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

Өткерилген илажда исбилерменлердиң жумысларында ушырасып атырған машқалалар үйренилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Ҳәр қандай инвестиция, өндирис ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша ислеп шығылған жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги