Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районы исбилерменлери менен ушырасты

Исбилерменлер бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўында салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли есапланады. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда болса тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенлигин айрықша айтыўымыз керек. Усы бағдардағы әмелий жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында гезектеги ушырасыў болып өтти.

Бундай ушырасыўлар исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм оны раўажландырыў жолында әҳмийетли басқышлардан бири болып, исбилерменлерди жаңа жетискенликлерге ерисиўге үлес қосады. Экономикамыздың даўамлы өсиўи ҳәм халық турмысының абаданлығы ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға шараятлар жаратыў мәселеси ҳәр қашан күн тәртибинде болыўы керек.
Ушырасыўда жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, 2025-жыл ушын белгиленген инвестициялық жойбарларды иске қосыў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, өндирис кәрханаларының толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери додаланды. Онда Әмиўдәрья районындағы исбилерменлер ҳәм жуўапкер министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.

Өткерилген ушырасыў даўамында исбилерменлерди қыйнап келген машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги