Ертең Абдуқодир Ҳусанов ойынға түсеме?
506

8-февраль күни футбол бойынша Англия Кубоги 4-басқышында «Лейтон Ориент» клубы өз майданында «Манчестер Сити» менен ойын өткереди.
Дүньяның бир қатар басылымлары «Манчестер Сити» клубында ойынға қатнасыўшы ойыншылар дизимин жәриялады. Атап айтқанда, «Sportingnews» «Standart» басылымларының болжаўы бойынша өзбекстанлы Абдуқодир Ҳусанов команданың тийкарғы қурамында ойынға түседи екен.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул ойын 8-февраль күни Ташкент ўақты менен 17.15 те басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы