Кападзе тренерлер штабына  қандай өзгерислер киргизди?

402

Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы бас тренери Тимур Кападзе жәҳән чемпионаты-2026 таңлап алыў ойынларынан алдын, өзиниң тренерлер штабындағы қурамын тастыйықлады.

Атап айтқанда, бас тренердиң қарары тийкарында усы күнге шекем сайланды команданың штабында жумыс ислеўши барлық тренерлер өз жумысларын даўам еттиретуғын болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы жәҳән чемпионаты-2026 таңлап алыў басқышындағы өзиниң гезектеги ойынын 20-март күни Қырғыз Республикасы футболшыларына қарсы алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы