Өзбекстанда неандертал адам жасаған ба?

Неандертал – орта палеолит дәўириниң адамы болып есапланады. 1857-жылы Бонн қаласында болып өткен Төменги Рейн тәбияттаныўшылар ҳәм шыпакерлер жәмийетиниң мәжилисинде биринши мәрте неандертал адамның қалдықлары усынылған. Бул антропологиялық табылма Германияның Неандертал ойпатлығында табылған ҳәм кейин ала илимий жақтан неандертал адамның бар екенлигин тастыйықлаўшы ең әҳмийетли дәлилге айланған.
Өзбекстан илимлер академиясы Миллий археология орайының мағлыўматларына бола, Неандертал адам сүйеклери Өзбекстанда да табылған болып, олардан ең әҳмийетлиси, Тесиктас табылмасы болып есапланады. 1938-жылы А.П.Окладников тәрепинен Тесиктас үңгиринен 8-10 жастағы неандертал баланың сүйек қалдықлары табылған.
Ең қызық тәрепи сонда, баланың қалдықлары таў ешкиси шақлары менен оралған ҳалда көмилген. Бул болса изертлеўшилердиң пикирине бола, неандерталлардың диний көзқарасларына ийе болғанын көрсетеди.
Қалдықлар 70-50 мың жыл алдын жасаған неандерталға тийисли болып, сүйеклердиң антропологиялық таллаўы оның типик неандертал көринисине ийе болғанын тастыйықлаған.

Неандертал адам сүйеклери Қашқадәрья ўәлаяты Китап районындағы Ангалак үңгиринен де табылған. Бул жерде Р.Х.Сулейманов ҳәм М.Глантз тәрепинен 2002-2005-жыллары алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде аяқ изиниң метатарсал сүйеги (аяқ сүйеклеринен бири) анықланған.
Бул табылма неандерталлар Орта Азия аймағында турақлы ямаса мәўсимлик жасағанын тастыйықлайды. Олардың миграция бағдарлары ҳаққында толық мағлыўмат береди.
Өзбекстан аймағы менен байланыслы үшинши өзине тән табылма Ташкент ўәлаяты Бостанлық районының аймағындағы Оби-Раҳмат үңгириндеги неандертал ҳәм Хомо сапиенслердиң араласыў популяциясынан туўылған гибридлесиў ҳаққында ең әҳмийетли дәлиллерден бирине ийе. Бул жерде табылған инсан сүйеклери неандерталларға да, Хомо сапиенс ўәкиллерине де тән болған белгилерди көрсетеди.
Бул табылма неандерталлар тек ғана жоқ болып кетпегенин, ал айырым аймақларда Хомо сапиенс (заманагөй адам) менен генетикалық араласыў нәтийжесинде жоқ болып кеткенин тастыйықлайды.
Неандерталлар Европа ҳәм Азия бойлап жүз мың жыллар даўамында жасаған. Бирақ 40 мың жыл алдын олардың саны кескин азайып, кейин ала пүткиллей жоқ болып кеткен. Олардың жоқ болыўына себеп сыпатында климат өзгериўи, Ҳомо сапиенс пенен бәсеки ямаса генетикалық араласыў сыяқлы факторлар келтириледи.
Өзбекстан аймағындағы Тесиктас, Ангалак ҳәм Оби-Раҳмат үңгирлери илимий жақтан үлкен әҳмийетке ийе болып, олар арқалы неандерталлар Орта Азияның әййемги халқынан бири болғаны ҳәм олардың Хомо сапиенс пенен байланыста болғанын көрсетеди.
Ҳәзирги күнде генетикалық изертлеўлер неандерталлар заманагөй инсанлардың тиккелей ата-бабалары болмаса да, олар бизиң эволюциялық тарийхымыздың ажыралмас бөлеги екенин тастыйықлайды.
Н.Раҳмонова, ӨзА