Харбин-2025: Даниил Ейбог кейинги басқышқа шықты

185

Қытайдың Харбин қаласында басланған қысқы Азия ойынларына қатнасып атырған өзбекстанлы  спортшылар бүгиннен баслап жарысларға кирисип, жеңимпазлық ушын беллесиўлер алып бармақта.

Атап айтқанда, шорт-трек бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Даниил Ейбог 500 ҳәм 1000 метр аралыққа жуўырыўда шерек финал, 1500 метр аралыққа жуўырыўда ярым финал жолламасын қолға киргизди.

Даниилдиң бул аралыққа жуўырыўдағы кейинги шығыўы ертең шемби күни болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы