Ер балалар арасында жеңимпазлар анықланды
499

Усы жылдың 6-февраль күни Нөкис қаласында ер балалар арасында да спорттың волейбол түринен Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районлары ҳәм жоқары оқыў орынларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын беллесип, жақсы нәтийжелерге ерисиўге ҳәрекет етти.
Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды.
Жарыс жуўмағына бола, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының командасы биринши, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы екинши, Беруний районы командасы үшинши орынды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги