Өткен жылы жоқары билимлендириўде экспорт тек ғана 26 миллион долларды қурағаны имканиятларға пүткиллей сәйкес келмеслиги көрсетип өтилди

Соңғы сегиз жылда 125 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилди. Соннан 23и сырт ел университетиниң филиаллары.
Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.
Бирақ, өткен жылы жоқары билимлендириўде экспорт тек ғана 26 миллион долларды қурағаны имканиятларға пүткиллей сәйкес келмеслиги көрсетип өтилди.
Жоқары билимлендириў министрлигине «Топ-1000»лыққа кирген 2 жоқары оқыў орны менен шекленип қалмастан, жақын жылларда оларды 10 ға жеткериў илажларын көриў тапсырылды.
Өткен жылы 15 мәденият орайы жеке меншик секторға берилди. Исбилерменлер 86 миллиард сум инвестиция киргизип, 1,5 мыңнан аслам мәдений илаж шөлкемлестирди.
Министрлик системасындағы және 120 мәденият ҳәм көркем өнер орайы бос тур. Усы мүнәсибет пенен мәденият министрине орайларды алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жеке меншик секторға бериўди шөлкемлестириў тапсырылды.
Мәжилисте аймақ басшылары ҳәм министрлердиң есабаты тыңланды, исбилерменлердиң үлгили тәжирийбеси көрип шығылды.
ӨзА