«Евро-5» ҳәм оннан жоқары экологиялық талапқа сай жүк автомобиллери және 3 жылға бажыхана бажысы ҳәм утилизация жыйымынан азат етилиўи белгиленди

218

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Сервисти раўажландырыўда қолайлы транспорт инфраструктурасы оғада әҳмийетли.

Өткен жылы транспорт хызметлери 8,6 процентке өсип,  145 триллион сумды  қурады. Бирақ жоқары экономикалық өсиў ушын бул жеткиликли емес екенлиги атап өтилди.

Жергиликли экспедиторлардың халықаралық тасыўдағы үлесин арттырыў ушын  олар ҚҚС төлеўден азат етилди. Оның есабынан Транспорт министрлиги жергиликли кәрханалардың үлесин быйыл 25 процентке, 2026-жылы 50 процентке алып  шығыўы зәрүр.

«Евро-5» ҳәм оннан жоқары экологиялық талапқа сай жүк автомобиллери және 3 жылға бажыхана бажы ҳәм утилизация жыйымынан азат етилиўи белгиленди.

Жеке меншик авиакомпаниялар менен ислеп, Самарқанд, Бухара, Үргенч, Нөкис, Термизге авиақатнаўларды 2 есеге арттырыў, быйыл 15 миллион жолаўшыға хызмет көрсетип, авиация хызметлериниң көлемин кеминде 20 процентке  арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА