Аралықтан хызметлер экспортын жаңа басқышқа алып шығыў ўақты келгени атап өтилди

Тек ғана техникалық хызмет көрсетиў менен шекленбей, бухгалтериялық консальтинг, қамсызландырыў, юридикалық ҳәм басқа да профессионал хызметлердиң экспортын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге сырт еллердиң хызметлер импортын ҳәм талапларын таллап, оқыў бағдарламаларын соған сәйкеслендириў ҳәм тийисли қәнигеликлерди таярлаў тапсырылды.
Быйыл креатив экономикадағы стартап жойбарлар ушын 50 миллион доллар ажыратылды.
Мысалы, «Amazon»да ислеп, Нөкиске қайтып келген Бекназар Абдикамалов стартап жойбарына «Facebook»тан 3 миллион доллар тартқаны ушын бүгинги күнде активлери 15 миллион долларға баҳаланбақта.
Ҳәзир дүньяның ири IT компанияларында ислеп атырған усындай жүзлеген жасларымыз бар. Санлы технологиялар министрлигине ең дәслеп, усындай жаслар менен биргеликте стартап жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Улыўма, 2025-жылы IT хызметлериниң көлемин 30 процентке кеңейтип, 80 триллион сумнан, экспортын 1 миллиард доллардан арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги