Жасырын жумыс ислеп, «конвертте» айлық төлеп атырған исбилерменлерди қадағалаў күшейтиледи

184

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Еки  жыл алдын саўда ҳәм хызметлер тараўындағы кәрханаларға социаллық салық 1 процент  етип белгиленди. Өткен дәўирде кәрханалардың саны 1,5 есеге артып, олардағы жумысшылар 220 мыңға көбейди.

Әҳмийетлиси, көп кәрханалар «сая»дан шығып, айлықты дурыс көрсетиўге өткени есабынан мийнет ҳақысы 3,2 есеге көбейип, қосымша 2,1 триллион сум салық түсти.

Сонлықтан  көп исбилерменлер  жеңилликли мүддетин және үш жылға созыўды сорамақта. Бул усыныс мақулланып, ендигиден  былай жеңиллик сервис кәрханаларының кеминде 3 миллион сум айлық алатуғын 30 жасқа шекемги жумысшыларына қолланылыўы белгиленди.

Ҳәм керисинше, жасырын жумыс жүргизип, «конвертте» айлық төлеп атырған исбилерменлерди қадағалаў күшейтиледи.

Қурылыс, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларына жумысшылар менен қысқа мүддетли, әпиўайыласқан (күн кесиминде, жумыс кесиминде) мийнет шәртнамасын дүзиўге рухсат бериледи.

ӨзА