Мәжилисте быйылғы жылдан районларда сервисти раўажландырыўға жаңаша қатнас жасалатуғыны айтылды
196

Аймақларда 1 мың 156 «драйвер» жойбар таңлап алынып, тастыйықланды. Бул жойбарлардың инфраструктурасына 1 триллион сум берилетуғын болды.
Соның есабынан исбилерменлер менен биргеликте быйыл 72 жағалық бойында дем алыў орынларын иске түсириў, 62 дем алыў бағын заманагөй көриниске келтириў, 154 күни-түни ислейтуғын туризм ҳәм гастрономиялық көшелерди шөлкемлестириў, 364 жол бойы ҳәм басқа да сервис объектлерин қурыў режелестирилген.
Магистраль ҳәм мәҳәллениң ишки жолларына үлкен итибар берилмекте. Бирақ хызметлердиң раўажланыўына үлкен түртки беретуғын районлар аралық жоллар мәселеси ашық қалмақта.
Усы мүнәсибет пенен ҳәкимликлердиң алдына 50 районлараралық жол инфраструктурасын жақсылаў ўазыйпасы қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги