Қаржы хызметлериниң көлемин 30 процентке арттырыў бойынша анық режелер белгиленген

177

Президентимиз мәмлекетлик банклердиң онлайн хызметлер, халыққа тартымлы жаңа өнимлерди жаратыўда жеке меншик банклерден артта қалып атырғанын атап өтти.

Мысалы, өткен жылы жеке меншик банклерде аралықтан хызмет көрсетиўден пайдаланыўшылардың саны 32 процентке артқан болса, мәмлекетлик банклерде тек ғана  13 процентке артқан.

Банклер усы жылы аралықтан хызмет көрсетиўди кеминде 30 процентке арттырыўы зәрүрлиги атап өтилди. Мысалы, кадастр, салық, әдиллик уйымларының базасы банклердиң мәлимлеме системасына интеграцияланса, гиреўге қойылған мүлкти нотариусқа барып, шеклеў әмелияты бийкарланады.

Жуўапкерлерге онлайн кредит алыў тәртибин жеңиллетиў бойынша қарар ислеп шығып, киргизиў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги