Камбоджада мәдений мийрасларымыз кеңнен үгит-нәсиятланбақта

Алдын хабар бергенимиздей, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы делегация ағзалары Камбоджа мәмлекетиниң пайтахты Пномпень қаласындағы Парагон халықаралық университетинде Самарқанд қаласында болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық процесслери шеңберинде “Өзбекстанның мәдений мийрасы ҳәм реформалары” атамасында үгит-нәсиятлаў илажын алып бармақта.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймовлар қатнаспақта.
Дәслеп ата-бабаларымыздан қалған бай мийрасларымыз, миллий үрп-әдетлеримизди сәўлелендириўши өнерментлердиң қол өнерлеринен таярланған көргизбелер менен таныстырылды.
Буннан соң, мәдений илажға гезек берилип, онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов шығып сөйлеп, Самарқандта ЮНЕСКОның 43-сессиясы өткерилетуғыны ҳәм бул әнжуман пүткил халықаралық мәдений ҳәм илимий жәмийешилик ушын әҳмийетли екенин атап өтти.
Сондай-ақ, ЮНЕСКО сессиясы билим, мәдений дәстүрлер алмасыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын үлкен имканият екенин, бул ушырасыў дүнья мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Ҳақыйқатында да бул илажлар мәмлекетимиз раўажланыўының үш мың жылдан аслам тарийхы, дүнья цивилизациясына шексиз үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасы және мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелерин сырт мәмлекетлерде кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда өзине тән көпир ўазыйпасын атқармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги