Туризм ҳәм сервис орынларының кешки ўақытта да ислейтуғын етиў керек екенлиги айтылды
172

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Соңғы жыллары түнги экономиканы раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Алмазар районындағы 17 көшеден өткен 7,3 километрлик узынлықтағы жолды гастрономиялық көшеге айландырыў жойбары мақулланды. Бул көшеде 250 саўда ҳәм сервис объектлери қурылып, кеминде 1,5 мың жумыс орны жаратылады.
Пайтахттағы және 26 көшени күни –түни жумыс ислейтуғын адам көп көшеге айландырыў, 24 саат жумыс ислейтуғын саўда орынларын 1 мыңға көбейтиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Туристлер билдирген пикирлерди инабатқа алып, туризм ҳәм сервис орынларын кешки ўақытта да жумыс ислейтуғын етиў кереклиги атап өтилди.
ӨзА