Соңғы үш жылда 3 мың көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды 38 миллион квадрат метр турақ жай емес орынлар пайда болды

173

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.

Девелоперлерге жаңа массивлер аймағының 10-15 процентин турақ жай емес категорияға өткериўге руқсат берилди. Олар бул мүлкти сатыўдан, саўда ҳәм сервис тармақлары болса ижараға ямаса лизингге алыўдан мәпдар. Бирақ оларды бир-бирине байланыстырыўшы система жоқ.

Бул бойынша банклердиң девелоперлерден мүлклерди тиккелей сатып алыў ҳәм исбилерменлерге қолайлы шәртлерде ижара ямаса лизингке бериў усынысы мақулланды.

Бул арқалы 50 мың квадрат метрлик турақ жай емес жайларды айланысқа киреди, бюджетке 70 миллиард сум түсим ҳәм 100-150 мың жумыс орны жаратылады. Ең әҳмийетлиси, лизинг шәртлери ижараға қарағанда кеминде  15-20 процентке арзан болады.

Жуўапкерлерге девелоперлер менен ислесип, турақ жай емес жайларды өзине бириктирилген тараўларда лизингке бериў бойынша 4 триллион сумлық жойбарлар пакетин таярлаў тапсырылды.

ӨзА