Ҳәмме министр ҳәм ҳәкимликлер жаңа хызмет түрлерин көбейтиў бойынша ҳәр күни излениўде болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди

223

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Ҳәмме аймақларда да хызметлер бирдей раўажланбай атырғаны атап өтилди.  Мысал ушын Нөкис районында өткен жылы 363 миллиард сумлық  хызметлер көрсетилип,  22 процентке өскен. Бирақ халқы оннан 2 есе көп болған Гүлистан районында хызметлердиң көлеми Нөкис районынан 30 миллиард сумға  аз.

Ямаса, Наманган  қаласында жан басына туўра келетуғын хызметлер  13 миллион  сумға  да жетпеўи (Жиззақ қаласында – 33 миллион сум) еле де «қупия экономика» жоқары екенлигинен дәрек береди.

Нишон, Янгиқўрғон, Нарпайда IT хызметлери бир талай арқада екенлиги, Самарқанд ҳәм Янгиер қаласы, Мирзаабад, Мирзашөлде қаржылай хызметлердиң көлеми азайғаны, Қарши қаласы, Жомбой, Ургут, Үргенч, Учтепа районларында саўда өспей атырғаны, Ферғананың 7 районында медициналық хызметлердиң көлеми қысқарғаны сынға алынды.

Ҳәмме министр ҳәм ҳәкимлер жаңа хызмет түрлерин көбейтиў бойынша ҳәр күни  излениўде болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Быйыл хызметлердиң көлемин 15 процентке арттырып, 82 миллиард долларға ,  экспортын болса 8,5 миллиард долларға алып шығыў, тараўда 2,5 миллион адамды  дәраматлы етиў бойынша үлкен шек алынған.

ӨзА