Медицина, авиация ҳәм энергетикада жеке меншик сектордың қатнасыўындағы жойбарлар 20 миллиард доллардан артты

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.
Бирақ, ишимлик суўы, канализация ҳәм жол қурылысында бундай жойбарлар дерлик жоқ екенлиги көрсетип өтилди. Шараят жаратып берилсе, 1 миллард доллар инвестиция киргизип, 10 мың жумыс орнын ислеймен, деген жергиликли исбилерменлер оғада көп.
Үш жыл алдын 5 мың квадрат метрден аслам саўда ҳәм сервис объектлерин қурыў бойынша жеңиллик берилген. Өткен дәўирде 209 усындай объектлер қурылды. Бирақ, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында бул бойынша жумыслар қанаатланарсыз.
Соңғы төрт жылда шарўашылықты раўажландырыў ушын халықаралық қаржы институтларынан 700 миллион доллар алып келинди, быйыл және 350 миллион доллар тартылды. Буның есабынан кеминде 20 мыңнан аслам ветеринарға талап пайда болады. Текғана Бухарада 250 ветеринарға талап бар.
Жыл ақырына шекем жеке меншик ветеринария ҳәм пара-ветеринария хызмети көлемин 5 есеге арттырыў тапсырылды.
ӨзА