Жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў додаланды

128

Исбилерменлер бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли есапланады. Олардың жумысын қоллап-қуўатлаў, тиккелей жақыннан сәўбетлесиў арқалы машқалаларға шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенин айрықша атап өтиўимиз керек. Бул әмелий жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығындағы гезектеги ушырасыў Беруний районында болып өтти.

Ушырасыўда жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды шешиў, 2025-жыл ушын белгиленген инвестиция жойбарларын иске түсириў, локализациялаў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдем көрсетиў, өндирислик өнимлерди ислеп шығаратуғын кәрханалардың толық қуўатлықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери додаланды. Онда Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы исбилерменлер, усы районлардың ҳәкимлери ҳәм жуўапкер министрлик, мәкеме баслықлары қатнасты.

Өткерилген ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап атырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың көпшилигине орнында шешим табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилди.  

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги