Медицина тараўында әмелге асырылған жумыслар сын көз қарастан үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов медицина тараўында алып барылып атырған жумысларға бағышланған мәжилис өткерди. Мәжилисте Денсаўлықты сақлаў министрлиги админстрациясы, барлық медицина орынларының басшылары ҳәм жуўапкерлери қатнасты. Онда дәслеп, мәмлекетимизде медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, тараў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларына кең түрде тоқтап өтти.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған көплеген идеялар бүгин турмыс ҳақыйқатлығына айланып баратырғанын айрықша атап өтиўимиз керек. Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң «Ташкенттеги барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады» деген сөзлери бүгин әмелде өз дәлилин таппақта. Мәжилисте сонша имканиятлар жаратылыўына қарамастан, медицина орынларын жоқары мағлыўматлы, тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў, аналар ҳәм балалар саламатлығын сақлаў ҳәм өлимшиликтиң алдын алыў, онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў жумысларындағы кемшиликлер ушырасып атырғанына айрықша тоқтап өтти. Соның менен бирге, айырым шыпакерлер тәрепинен өз мәпи ушын наўқасларға қымбат баҳадағы дәри-дармақларды бериў, медицина орынларында санитария жағдайлары менен байланыслы кемшиликлер анықланғаны, сондай-ақ, тараўда коррупция жағдайлары елеге шекем даўам етип атырғаны, түрли жынайый ҳәрекетлер исленгени, бюджет қәрежетлерин талан-тараж етиў жағдайлардың бар екени сын көзқарастан атап өтилди.

Мәжилис даўамында өз ўазыйпасын ўақтында орынламаған ҳәм қәте-кемшиликлерге жол қойған тараў басшыларына қатаң түрде жаза илажларын көриў бойынша тапсырма берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги