Химия санаатындағы режелер сын көзқарастан көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 6-февраль күни химия санаатында 2025-жылғы режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.
Соңғы жыллары бул тармақта сезилерли өзгерис болғаны, яғный технологиялық шынжырларды жаратыў ушын инвестицияларға кең жол ашылғаны менен, ири химия заводларының жумысы еле заман талаплары дәрежесинде емес екенлиги атап өтилди.

Соның ушын сын көзқарас тийкарында өткен мәжилисте тараўдағы әҳмийетли мәселелер додаланды. Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге еле пайдаланылмаған имканиятларды, шешилиўи керек болған машқалаларды анық көрсетип өтти.
Мәселен, алдыңғы технологияларды енгизиўди жеделлестирип, химия кәрханаларында қосымша қунды ҳәзиргиден бир неше есеге арттырыў мүмкин.
Президентимиз бул бағдардағы кемшиликлерди атап өтип, жоқары технологиялы инвестициялық жойбарларды есесине көбейтиў ўазыйпасын қойды.

Ҳүкиметке тармақтағы машқалаларды оператив шешиў, имканиятларды толық иске қосыў ҳәм жойбарларды жеделлестириў бойынша қатаң тапсырмалар берилди.
Тармақтағы ҳәр бир кәрхананы санластырыў, қуўатлықлардан ақылғы уғрас пайдаланыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгиленди.
ӨзА