Волейбол: Қарақалпақстан чемпионы анықланды
326

Нөкис қаласында спорттың волейбол түринен қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын беллесип, жақсы нәтийжелерге ерисиўге миясар болды.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық иниституты командасы биринши орынды ийелеп, алтын медаль ийесине айланды.
Финалда чемпионларға жеңилген Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университеты Нөкис филиалы командасы екинши, Нөкис қалалық 1-санлы спорт мектеп командасы сыйлы үшинши орынларды ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы