Халықтың мүрәжатлери тыңланып, көшпели хызмет көрсетилди

198

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары А.Пренов тийисли тараў басшыларының қатнасыўында  «Ҳуқықый мәҳәлле» жойбары шеңберинде Төрткүл районындағы Анҳорли мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерди.

Онда Президентимиздиң 2025-жыл 3-январь күнги «2025-жылы Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша мәҳәллелерде ҳуқуқбузарлықлар профилактикасы тараўындағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ, мәҳәлле жетилиги, нураный ҳәм көше бийлерине түсиниклер берилип, буклетлер тарқатылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде халықтың тынышлығын тәмийинлеўдиң улыўма жаңа механизмлерин енгизиў, ҳуқықбузарлықтың жүз бериўине себепши болып атырған социаллық-турмыслық машқалаларды профилактикалық илажлар системасы арқалы шешиў ҳәм халықта қәўипсизлик сезимин қәлиплестириў бойынша нәтийжели илажлар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыўдың шөлкемлестириў-профилактикалық тийкарларын заман талапларына бейимлестириў, жүз берилетуғын нызамбузыўшылықлардың тийкарғы себеплерин ўақытында анықлаў ҳәм комплексли илажлар менен мәнзилли сапластырыў арқалы алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында күнниң ўазыйпасы болып турыпты.

Мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьдеги “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманының әҳмийетли мақсетлерине ерисиў, соның менен бирге, жуўапкер мәмлекетлик шөлкемлердиң республика мәҳәллелеринде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша жумысын 2025-жылда сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў болып есапланады.

Илаж даўамында халықтың коммуналлық хызмет, социаллық тараў, пенсия, турақ жай ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм мийрас мәселелерине байланыслы 50 ден аслам мурәжатлери тыңланып, белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын қадағалаўға алынды.

Илаж даўамында көшпели тәртипте 46 мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

Мадина Жумабаева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги