Франция Раўажланыў Агентлиги қәнигелери Шымбай районында

155

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-декабрьдеги қарарына муўапық, «Арал теңизи бассейниниң төменги ағысындағы деградацияға ушыраған жерлердиң жағдайын жақсылаў» жойбары әмелге асырылмақта.

Усы жылдың январь айында жойбардың 2-басқышы өз жумысын баслады. Бул фазаны әмелге асыратуғын Франция Раўажланыў Агентлиги (АФД) ҳәм Европа Инвестициялық Банки (ЕИБ) тәрепинен қаржылай қоллап-қуўатлап, тендер тийкарында таңлап алынған ОНФИ ҳәм «Rahmanov Partners» ЖШЖ тәрепинен исленбекте.

Жойбар шеңберинде Раўажланыў агентлигиниң жетекши қәнигеси Паскал Дуард басшылығындағы экспертлер топары Шымбай районында болып, район ҳәкими А.Тажетдинов пенен ушырасты ҳәм жойбардың тийкарғы мақсети, алға қойған режелери бойынша келисип алынды.

Буннан соң, экспертлер тәрепинен тийисли тараў басшыларына алдағы исленетуғын жумыслар, техникалық-экономикалық тийкарда жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў бойынша семинар тренинг өткерди ҳәм жаңа жойбарлар бойынша пикирлер алысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги