Социаллық қорғаў тараўында жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта

Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Данияров, басқарманың сектор баслықлары хызмет сапары менен Әмиўдәрья районында болды.
Дәслеп мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбиялаў хызметин шөлкемлестириў тилегин билдирген жеке меншик балалар бақшасы ийеси М.Нурманова менен ушырасып, ол жердеги шараятлар менен танысты. Сол жердиң өзинде балаларын күндизги тәрбиялаў хызметине бериў тилегиндеги ата-аналар менен сәўбетлести.

Соң Әмиўдәрья районы инженерлик технологиялары-техникумында шөлкемлестирилиўи режелестирилген «Дәслепки раўажланыў» орайы имараты, Майыплығы болған балалар ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашпақшы болған исбилермен «Kamron gold media» ЖШЖ баслығы менен ушырасып, олардың режелери менен де танысты.

Сондай-ақ, районда аутсорсинг тийкарында «үйде» ҳәм «күндизги қатнаў» хызметлерин жолға қойыў тилегин билдирген исбилермен ҳәм «Дурунки» мәҳәллесиндеги социаллық хызметкердиң 2025-жыл ушын мақсетли көрсеткишлери ҳәм киши жойбарлары, мәҳәлледе шөлкемлестирилген адаптив спорт пенен шуғылланыў ушын жаратылған шараятлар менен танысып, пара спортшылар менен сәўбетлести.

Қарақалпақстан хабар агентлиги