Быйыл тийкарғы капиталға қанша инвестиция киргизилген?

247

Мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыў бағдарында заманагөй, оған сапалы қатнас ҳәм механизмлерди енгизиў, сондай-ақ инвестиция процесин жеделлестириў, улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта.

Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны жедел  рауажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте. Инвестиция орталығы жақсыланғаны, керекли шараятлар жаратылғаны нәтийжесинде 2024-жылдыӊ январь-декабрь айларының жуўмағы менен республикамыздыӊ тийкарғы капиталын көбейтиўге 20 триллион 530,9  млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 14 триллион 362,8 млрд. сумды ямаса 1146,5 млн. АҚШ долларын қурады.

Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 2280,6 млрд. сумы «қайта ислеў санаатына», 693,4 млрд. сумы «аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына »,  1461,8 млрд. сумы «тасыў ҳәм сақлаў», 919,0  млрд. сумы «қурылыс хызмет түрине», 9662,2 млрд. сумы «таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге», 175,8 млрд. сумы «көтере ҳәм усақлап сатыўға», 352,8 млрд. сумы «билимлендириў» хызмет түрлерине жумсалған.

2024-жылдыӊ январь-декабрь айларында улыўма майданы 864,9 мыӊ кв.м. болған 4684 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 446,4 мың кв.м. болған 2380 турақ жайлар аўыллық жерлерге туўра келеди.

Мәмлекетимизде халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў, өндиристи техникалық хәм технологиялық қайта үскенелеў,  стратегиялық  әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў бағдарындағы актив инвестиция сиясатын алып барыў илажлары даўам етпекте.

   Саламат Мухаматдинов,

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы

Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги