Коммерциялық банклердиң ўәкиллери  менен системалы қәўип-қәтерлер бойынша дөгерек  сәўбети өткерилди

348

Орайлық банкте коммерциялық банклердиң қәўип-қәтерлерин таллаў ҳәм басқарыўға жуўапкер қәнигелериниң қатнасыўында Өзбекстан қаржы системасы турақлылығына тәсир етиўи мүмкин болған системалы  қәўип-қәтерлер темасында дөгерек сәўбети  болып өтти.

Ушырасыўда Орайлық банк тәрепинен мәмлекеттиң қаржы системасының турақлылығы ушын ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлер бойынша презентация өткерилди. Онда Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклердиң ўәкиллери арасында қаржы системасындағы  әззиликлер ҳәм қәўип-қәтерлер, мәмлекеттиң қаржылай турақлылығын тәмийинлеў бойынша қолланылып атырған макропруденциал сиясат илажларындағы соңғы өзгерислер бойынша пикир алысты.

Дөгерек сәўбетинде Орайлық банк тәрепинен коммерциялық банклер арасында турақлы өткерилип атырған  системалы қәўип-қәтерлерди анықлаў бойынша сораўнама нәтийжелери додаланды.

Соның менен бирге, илажда қатнасқан банк ўәкиллери потенциал қәўип-қәтерлерди анықлаў  ҳәм олардың алдын алыў бойынша банклерде әмелге асырылып ҳәм  режелестирилип атырған жумыслар бойынша өз пикирлери ҳәм тәжирийбелери менен  ортақласты.

Ушырасыў соңында  коммерциялық банклердиң қәўип-қәтерлерди басқарыўға жуўапкер қәнигелери менен биргеликте дөгерек сәўбетлерин турақлы түрде өткериў ҳәм Орайлық банк тәрепинен қаржылай турақлылықты тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған макропруденциал сиясат бағдарында пикир алмасыў әмелиятын жолға қойыўға келисип алынды.

Ш.Маматуропова, ӨзА