Испания Кубоги 1/2 финалына қайсы клуб жоллама алды?
157

Футбол бойынша Испания Кубоги 1/4 финал басқышында «Леганес» ҳәм Мадриддиң «Реал» клублары арасындағы ушырасыў 5-февраль, сәршемби күни болып өтти.
Ушырасыў Испанияның Леганес қаласындағы «Муниципал де Бутарке» стадионында өткерилди. Реал Мадрид Леганести 3:2 есабында жеңип, ярым финалға жол алды. Ушырасыўда дәслеп Лука Модрич ҳәм Эндриктиң голлары менен Реал 2:0 есабында алдыға шықты. Бирақ, Леганес қурамында Хуан Круз еки гол урып, есапты теңлестирди. Ойынның соңғы минутларында 20 жастағы тәрбияланыўшы Гонсало Гарсия бас пенен гол урып, командасына жеңис алып келди.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги