Электр энергиясын урлағаны анықланып жаза тайынланды

141

Елликқала районы судында ҳәм Наўайы мәкан пуқаралар жыйынында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими менен айыпланған Д.А.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.

Судта судланыўшы, пуқаралық даўагер ҳәм гүўалардың көрсетпелери дыққат пенен тыңланып, жынаят иси ҳүжжетлери терең үйренип шығылып, исте көрсетилген дәлиллерге баҳа берилди.

Пуқара Д.А. 2020-жыл 16-марттан баслап “Төрткүлли Розумбай дарға” фермер хожалығын рәсмий басқарып келип, материаллық жақтан пайда көриў мақсетинде, мәмлекет тәрепинен жеткерип берилетуғын электр энергиясын талан-тараж етиўди режелестирип, өзиниң жынаятлы режесин әмелге асырыў ушын, 2024-жыл 5-январь күни “Аймақлық электр тармақлары” Төрткүл районлық бөлими менен шәртнама дүзип, оннан өзиниң жынаятлы ҳәрекетлерин әмелге асырыўда нықап етип пайдаланып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-майдағы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары”ның 133-бәнтинде көрсетилген, яғный есаплағыш көрсеткишлерин билетура азайтыў мақсетинде оған сыртқы тәсир көрсеткен.

Өзбекстан АПЖ аймағында жайласқан “Төрткүлли Розумбай дарға” фермер хожалығына қараслы 35/10 Шорахан жәрдемши станциясынан шығыўшы  трансформатор пунктиниң ишине орнатылған электр есаплағышқа келиўши екилемши кернеў шынжырының “В” ҳәм “С” фазаларынан келиўши сымларды билетура үзип, тутыныў қуўатлылығы 51,3 кВт. болған “Электр суў насосы”н егислик майданларын суўғарыў ушын электр энергиясын коммерция мақсетлеринен келип шығып “Аймақлық электр тармақлары” мәплерине 27 млн. 927 мың сум зыян келтирген.

Д.А. өзиниң жоқарыдағы ҳәрекетлери менен ЖКнинг 169-статьясы 2-бөлими “д” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты биле тура әмелге асырған.

Судта судланыўшы Д.А. өзине қойылған айыпты толық мойынлап, “Төрткүлли Розумбай дарға” фермер хожалығында энергоинспекция тәрепинен тексериў өткерилгени ҳәм пломбасы үзилгенлиги анықланғаны, сол ўақытта насосты ислетпей қойғаны ушын пломбасының қашан үзилгенинен хабары болмағаны, есаплағыш сақланатуғын орын қулыпланбағанлығы, алдағы ўақытта тәкирарламайтуғынын билдирип жеңиллик сорады.

Судланыўшы Д.А.ның айыбын толық мойынлап, билдирген көрсетпелеринен тысқары оның айыбы, төмендеги дәлиллер, яғный, пуқаралық даўагер Р.Алековтың “Төрткүлли Розумбай дарға” фермер хожалығында энергоқадағалаў инспекциясы тәрепинен тексериў өткерилгенинде суў насосына орнатылған есаплағышта пломба үзилгенлиги анықланғаны, бул жағдай бойынша анықланған 27 млн. сум материаллық зыян Д.А. тәрепинен толық төлеп берилгени, оған даўасы жоқ екенлигин билдирген көрсетпеси, гүўалардың көрсетпелери ҳәм дәлиллер яғный, акт ҳәм фото сүўретлер, үйрениў мәлимлемелери ҳәм басқа ҳүжжетлер жыйындысы менен толық тастыйықланады.

Суд жоқарыда келтирилген дәлиллер дәслепки тергеў уйымы тәрепинен процессуал нызам нормаларына тийкарланып алынғанлығы ҳәм бул дәлиллер суд мәжилисинде өз тастыйығын тапқанлығы себепли жарамлы дәлиллер деп есаплады.

Суд, судланыўшы Д.А.ға жаза белгилеўде, әмелге асырылған жынаяттың өзгешелиги және социаллық қәўиплилик дәрежесин ҳәм оның шахсын есапқа алып, қылмысынан пушайманлығын, материаллық зыяның толық қаплап берилгенин жазасын жеңиллестириўши жағдайлар деп, жазасын аўырластырыўшы жағдайлар жоқ деп таўып, Д.А.ға санкцияда нәзерде тутылған еркинликти шеклеў жазасын белгилеўди лазым табады.

Суд, ис туўралы материаллық зыянлар мәселесин талқылап ис туўралы анықланған 27.927.000 сумлық материаллық зыянның қапланғанлығын инабатқа алыўды ҳәм мәпдар тәреплерге өзине жеткерилген басқа материаллық ҳәм руўхый зыянлар болған жағдайда, бул бойынша пуқаралық судына даўа арзасы менен мүрәжат етиў ҳуқықларын түсиндирди.

Д.А. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими “д” бәнти менен айыплы деп табылып, Өзбекстан Республикасы ЖКның 169-статьясы 2-бөлими “д” бәнти менен мийнет ис ҳақысының 20 проценти муғдарын мәмлекет пайдасы есабына услап қалған ҳалда 2 (еки) жылға минезин дүзетиў жумыслары жазасы тайынланды.

 

О.Мәўленов,

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги