Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығы арттырылады

«Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, тармаққа инвестициялар тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ажыратыўда, тәжирийбе-сынақ түринде, ижараға алыўшылардың еркинлиги ҳәм жоқары қосымша қунға ийе егинлер жетистириўине тийкарланған жаңа система жаратылады.
Жаңа система шеңберинде:
– жер участкалары контурлардың бирлиги ҳәм суўғарыў системасын бузбаған ҳалда 3 гектардан 50 гектарға шекем болған өлшемлерде «E-auksion» да саўдаларға шығарылады;
– электрон онлайн аукцион саўдаларына жасаў орнынан, шөлкемлестриўшилик-ҳуқықый түринен, басқа жер участкасы бар ямаса жоқлығына қарамастан, барлық физикалық ҳәм юиридикалық тәреплер (резидентлер), соның ишинде, сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханалар қатнасыўы мүмкин.
Жаңа система шеңберинде электрон онлайн аукцион жеңимпазы – ижараға алатуғын Жер кодексинде белгиленген ҳукықлар ҳәм миннетлер менен бирге төмендеги ҳуқықларға ийе болады, соның ишинде:
– жер участкасынан 49 жыл ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыў;
– аўыл хожалығы егинлериниң түрлери, сортлары ҳәм көлемлерин еркин түрде белгилеў;
– жер участкасын екилемши ижараға бериў;
– атыз шетинде 20 сотихтан көп болмаған, аўыл хожалығына хызмет көрсететуғын объектлерди жайластырыў.
Пәрманға муўапық, жер участкаларын ажыратыў жумыслары 2025-жыл 1-мартқа шекем толық жуўмақланады.
Жаңа система биринши басқышта 2025-жылы бәҳәрги егис мәўсимине белгиленген аймақларда район ҳәкимликлеринде турған, 2025-жыл ҳәм оннан кейинги жыллар өними ушын пахта ҳәм ғәлле егинлерин жетистириў нәзерде тутылмаған бос турған жер участкаларында енгизиледи.
Жаңа системаның нәтийжелилигин турақлы түрде таллаған ҳалда, зәрүрликке бола, оны 2025-жылғы гүзги егис мәўсими ҳәм оннан кейинги дәўирлерде басқа аймақларға да енгизиў бойынша усыныс киргизип барылады.
Төмендегилер шөлкемлестириледи:
– «Аўыл хожалығында жер реформаларын әмелге асырыў жойбар офиси»;
– белгиленген ҳәкимликлер жанында «Ижараға берилген аўыл хожалығы жерлерине хызмет көрсетиў дирекциясы» мәмлекетлик кәрханалары.
Органикалық өнимлер жетистириў ушын Global G.A.P, GMP, FSCC, HACCP, Halal, Organic ҳәм басқа халықаралық дәрежеде тән алынатуғын сертификатларды алған дийқан, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына ижараға берилген жер участкалары ушын 2028-жыл 1-январьға шекем жер салығы 50 процент муғдарында төленеди.
ӨзА