Шымбайда мийнет ярмаркасы өткерилди

217

Жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, Шымбай районында район прокуроры Расул Халмуратовтың басламасы менен бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.

Ярмаркаға районда жайласқан мәкеме, кәрхана, шөлкем ҳәм исбилерменлик субъектлери 126 вакант жумыс орынлары менен қатнасты.

Өткерилген мийнет ярмаркасы жуўмағында, 10 пуқараға турақлы жумысқа орналасыў ушын жолламалар берилип, 9 пуқара кәсипке таярлаў бойынша оқыў курсларына жиберилди. Ал, 27 пуқараға болса, мийнет қатнасықлары бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы