Майыплығы болған балалар ушын күндизги тәрбиялаў хызмети жолға қойылады

319

«Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын және де жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2025-жыл 1-марттан тәжирийбе-сынақ түринде басқышпа-басқыш Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары сондай-ақ, Ташкент қаласында, 2025-жыл 1-октябрьге шекем республиканың қалған аймақларында 3 жастан 18 жасқа шекемги майыплығы болған балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбиялаў хызмети жолға қойылады.

Онда майыплығы болған балалар күндизги тәрбиялаў хызметине олардың ата-аналары менен «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арасында дүзилген социаллық шәртнама тийкарында ҳәм Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия тәрепинен белгиленген тәртипте берилген жуўмаққа муўапық қабыл етиледи.

2025-жыл 1-марттан күндизги тәрбиялаў хызметине байланыслы жумысты әмелге асырыўшы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби енгизиледи:

– күндизги тәрбиялаў хызметинен пайдаланылған бир күн ушын 3 жастан 7 жасқа шекемги ҳәр бир балаға базалық есаплаў муғдарының 25 проценти муғдарында ҳәм 7 жастан 18 жасқа шекемги ҳәр бир балаға – 27 проценти муғдарында субсидия ажыратылады;

Онда ўәлаятлардың орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ушын субсидия муғдары 1,1 көбейтиўши коэффициентти қолланыў арқалы анықланады.

– Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың майыплығы болған ҳәр бир баласы ушын жоқарыда белгиленген субсидияның улыўма муғдарының 30 проценти муғдарында қосымша қаржы төлеп бериледи.

ӨзА