Электромобильлер ушын утилизация жыйымлары кескин арттырылды
183

Ҳүкимет қарары менен электромобильлер импортындағы утилизация жыйымының ставкалары төрт есеге арттырылды, соның ишинде:
Ислеп шығарылғанына 3 жылдан аспаған электромобильлер ушын – БЕМниң 120 есеси (45 млн сум). Алдын – БЕМниң 30 есеси (11,25 млн сум) еди;
Ислеп шығарылғанына 3 жылдан асқан электромобильлер ушын БЕМниң 210 есеси (78,75 млн сум). Алдын – БЕМниң 90 есеси (33,75 млн сум) еди.
Арттырылған утилизация жыйымының ставкалары 2025-жыл 1-майдан күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги