Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты

Жақында Әмиўдәрья районындағы ишки хожалық жолларын оңлаў ҳәм абаданластырыў бойынша кең көлемли жумыслар басланған еди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев районда әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Чойкөл, Халимбег аўыллары ҳәм «Тошқала» мәҳәллесиниң ишки көшелерине қум-шағыл тас араласпасын төсеў жумысларын барып көрди. Сондай-ақ, аймақ турғынлары менен жақыннан пикирлести. Көп санлы пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў ҳәм инфраструктураны жақсылаў бойынша билдирилген мүрәжатлар бүгинги күнге келип басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта.

Пуқаралар менен сәўбетлесиў барысында бир қатар әҳмийетли машқалалар айтылып, Жоқарғы Кеңес Баслығы көтерилген мәселер бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди. Ҳәр бир орынлы машқала әлбетте, өз шешимин табатуғынлығын, жаўын-шашынлы күнлерде ылай, жазда шаңы менен халықты қыйнап келген топырақ жоллардың барлығы тас жолларға айландырылатуғынлығын айтып өтти.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районында кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, үй шараятында дийқаншылық, өнерментшиликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Дәслеп Чойкөл аўылында қыйтақ жер жумысының раўажланыўына үлес қосып киятырған Маҳмуд Норбоевтың ыссықханасында исленген жумысларды көрип, дийқан менен жақыннан сәўбетлести.
Сондай-ақ, Холимбег аўылында жасайтуғын үлгили қыйтақ жер ийеси Эркин Қўшаевтиң лимон, қулпынай жетистириўди және де раўажландырыў, қояншылық, шарўашылық хожалықлары бойынша әмелге асырылып атырған нәтийжели жумыслары үйренилди. Соның менен бирге, усы аўылдағы Алламберген Исмоиловтың үй шараятында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин сақлаў бойынша жумыслары да көзден өткерилди.

Жеңилликли кредит қәрежетлери есабынан 16 сотих жер майданында ыссыхана шөлкемлестирген Шавкат Ўразбоев помидордан мол өним алып атырғаны да итибардан шетте қалмады. Жоқарғы Кеңес Баслығы дийқанлар менен сәўбетлесиў даўамында бундай дийқаншылық сырларын терең үйренген мийнеткешлердиң тәжирийбеси көпшиликке үлги болыўы керек екенин айрықша атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги