Муғаллимлер бийпул оқытылмақта

261

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Ниязымбетов, Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Stenford оқыў орайының басламасы менен район аймағындағы орта билим бериў мектеплериндеги инглис тили пәни муғаллимлериниң  билим қәбилетин және  де арттырыў мақсетинде Нөкис қаласындағы Stenford оқыў орайына мектеплерден 60 педагог муғаллимлерди  бийпул оқытыўды жолға қойды.



Бул жерде 50 ден аслам инглис тили пәни муғаллимлер 6 ай даўамында халықаралық дережедеги билим көнликпелерине ийе болады ҳәм  IELTS сертификатын қолға киргизеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги