Деградацияға ушыраған жерлердиң жағдайын жақсылаў бойынша усыныслар үйренилмекте

270

«Арал теңизи бассейниниң төменги ағымында деградацияға ушыраған жерлердиң жағдайын жақсылаў» жойбары шеңберинде экспертлер топары Қарақалпақстан Республикасының 8 аймағында ушырасыўлар өткерилиўи белгиленген еди.

Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразованың мәлим етиўинше, Франция раўажланыў агентлиги (AFD) ҳәм Европа инвестиция банктиң (YEIB) қатнасыўында әмелге асырылатуғын жойбардың 2-фазасы жумысындағы техникалық, экономикалық кемшиликлерди сапластырыў бойынша аймақларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Беруний районы ҳәкими И.Хидиров ҳәм тийисли тараў ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўлар даўамында, жойбар бойынша жергиликли ўәкиллердиң пикир-усыныслары үйренилди.

Ҳәкимлик резервинде турған бирақ, пайдаланыўдан шыққан жерлерде климат шараятына сәйкес нәллерди жетистирип, қайта таярлаў бойынша сондай-ақ, жерлерди жақсылаў бағдарында жойбарлар усыныс етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги