Абдуқодир Ҳусанов «Реал»ға қарсы ойнайды
260

УЕФА чемпионлар лигасына қатнасып атырған командалар плей-офф беллесиўлеринен алдын өз қурамына жаңа футболшыларды киргизбекте.
Атап айтқанда, Англияның «Манчестер Сити» клубы қысқы трансферлер ўақтында сатып алынған өзбекстанлы Абдуқодир Ҳусанов, бразилиялы Витор Реис ҳәм египетли Омар Мармушды команданың ойнаўшылар қурамы дизимине киргизди.
Соны айтып өтиўимиз керек, Хосеп Гвардиола шәкиртлери УЕФА чемпионлар лигасының плей-офф беллесиўинде Мадридтиң «Реал» клубына қарсы ойынға түседи ҳәм командалардың дәслепки ойыны 11-февраль күни түнде Манчестерде болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы