Наўрыз байрамының алдында Қазақстаннан Өзбекстанға арнаўлы поезд келеди

312

20-март күни трансшегаралық саяхат шеңберинде үшинши мәрте жолға шығатуғын Қазақстанның «Жипек жолы» туристлик поездының қарыйдарлары Қазақстан ҳәм Өзбекстанда Наўрыз байрамын белгилеўи мүмкин.

Kazakh Tourism мағлыўматларына бола, Алматы-Түркстан- Ташкент –Самарқанд жөнелиси бойынша Өзбекстанға келетуғын бул арнаўлы поезд Қазақстанда «Жипек жолы» темир жол саяхаты Самарқанд-Тараз-Алматы жөнелиси бойынша артқа қайтады.

Алты күн даўам ететуғын бул саяхат даўамында саяхатшылар әййемги қалаларды тамашалап, Жипек жолының мәнаўий мийрасына тийисли, еки мәмлекеттиң дыққатқа ылайық орынларын тамашалайды.

ӨзА