Қытай компаниясы Қазақстанда робот ислеп шығарыўды жолға қояды

299

Қазақстан Санлы раўажланыў, инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Қытай бул туўысқан мәмлекетте адам сыяқлы робот ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестириў нийетин билдирген.

– Бирге ислесиў шеңберинде «AgiBot» компаниясы робот ҳәм жасалма интеллект шешимлерин ислеп шығарыў ҳәм енгизиў бойынша биргеликтеги кәрхана шөлкемлестириўди режелестирмекте,-делинген бул ҳаққындағы билдириўде.

2023-жыл февральда шөлкемлестирилген, улыўма мақсетли гуманоид роботлар жаратыў ҳәм ислеп шығарыўға қәнигелескен бул ҚХР бренди жасалма интеллект, робототехника технологияларын жедел раўажландырмақта, санааттан хожалық жумысларына шекем, кең көлемли қосымшалар ушын роботлар жаратпақта. 2024-жыл декабрь айында «AgiBot» Шанхайдағы заводынан 1000ға шамалас «темир-адам» шығарған.

ӨзА