НМПИди 2025-жылы раўажландырыўдың баслы ўазыйпалары көрип шығылды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты факультетлери ҳәм кафедраларының илимий-педагогикалық, инвестициялық ҳәм оқыў-тәрбиялық бағдардағы жумысларын 2025-жылы раўажландарырыў бойынша ислеп шығылған жол картасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды көрип шығылды.

Хабарыңыз бар, жоқары оқыў орынларында оқыў процесин жетилистириў, санластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын, илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын кеңейтиў, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оқыў лабораторияларын заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар Республикалық жумысшы топар тәрепинен үйренилип, тийисли усыныслар билдирилген еди.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикамыздағы жоқары оқыў орынларын раўажландырыў бойынша жол картасы ислеп шығылып, тастыйықланған еди.

Усы тийкарда институтта ҳәр бир факултет ҳәм кафедралардың жумысларын жетилистириўге бағдарланған жол карталары исленип, әмелий жумыслар баслап жиберилди.
Институт ректоры Қ.Қодиров жол картасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм ондағы баслы бағдарлар бойынша өз усынысларын билдирип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги