Өзбекстан – Иордания экономикалық бирге ислесиў жолға қойылады

168

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының «Аммон жаңалықлары» басылымы Усы мәмлекеттиң инвестициялар министри, инженер Мусанна Ғарайба Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм оған шериклик еткен делегацияны қабыл еткенин сәўлелендирди.

Мақалада өз-ара дослық қатнасықты тереңлестириў, инвестиция, экономика, саўда  тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда тоқымашылық өнимлери, төгин ислеп шығарыў, химия ҳәм фармацевтика санааты, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы улыўма пайдалы шериклик орнатыў мәселелери додаланғаны атап өтилген.

Ушырасыў даўамында ҳүкиметлераралық комиссия дүзиў, биргеликтеги бизнес-форумлар өткериў, инвестициялық жойбарлар ислеп шығыў сыяқлы әҳмийетли темалар да көтерилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА