Диёра Келдиёрованың Абени жеңгени «Жыл ўақыясы» деп тән алынды

169

Өзбекстанлы дзюдошы, Париж-2024 Олимпиадасы жеңимпазы Диёра Келдиёрова Халықаралық дзюдо федерациясы (IJF) тәрепинен жыл ўақыясы сыйлығы менен сыйлықланды.

Өзбекстанлы спортшыға Париж-2024 Олимпиадасында япониялы белгили дзюдошы Ута Абени жеңгени ушын берилди. Германиялы қәниге Марко Спиттка болса жылдың ең жақсы ҳаял-қызлар сайланды командасы тренери сыйлығын қабыл етип алды. Ол Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы тренери есапланады.

Мағлыўмат ушын, Диёра Келдиёрова Өзбекстан тарийхында биринши болып жазғы Олимпиада ойынларында алтын медальды қолға киргизген ҳаял спортшы есапланады.

Алдынырақ Диёра Келдиёрова Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң гендер теңсизлиги ҳәм балаларға байланыслы зорлыққа қарсы гүресиў бойынша қәниге ўәкили етип тайынланған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги