Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларға байланыслы барлық машқалалар системалы шешилмекте

156

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарыШаңарақ ҳәм ҳаялқызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова басшылығында ҳаялқызлар ҳәм шаңарақларды қоллапқуўатлаў тараўын санластырыў жумысларын жетилистириў, уйымларарлық санлы трансформация процесслерин жеделлестириўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 9-сентябрьдеги «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, олардың машқалаларын шешиўде мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарынан келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпалардың орынланыў жағдайы талқыланды.

Пикир-усыныслар додаланды.

Уйымларарлық биргеликте әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Санлы технологиялар, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик, Әдиллик, Денсаўлықты сақлаў ҳәм Ишки ислер министрликлери, Салық комитети және басқа да тийисли шөлкемлердиң хызметкерлери тәрепинен шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлардың машқалалары, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, оператив шешиўде санлы технологиялардың әҳмийети сыяқлы мәселелерде усыныслар билдирилип, өз-ара додаланды. Әмелдеги системаларды жетилистириўге келисип алынды.

***

Сондай-ақ, Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова ҳәм БМШ азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкемлериниң Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасы (ФАО) ўәкиллериниң ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў барысында Бас министрдиң орынбасары тәрепинен БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл-хожалығы шөлкеминиң Өзбекстан Репсубликасындағы перспективалы жойбарлары ҳәм экономиканың ҳәр қыйлы тармақларын, әсиресе, аўыллық жерлерди раўажландырыў ҳәм алыс аймақларда да ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў жумысларындағы нәтийжели жумысы атап өтилди.

Қызғын өткен ушырасыўда  елимизде кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы шаңарақлардың абаданлығын арттырыў бағдарындағы жумысларға жоқары баҳа берилди.

Бүгинги күнде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, олардың экономикалық, социаллық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, денсаўлықты сақлаў, кәсипке оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўдеги бир қатар әҳмийетли мәселелер додаланды.

Аўылларда ҳәм алыс аймақларда жасайтуғын ҳаял-қызларға климатқа бейимлесиўге байланыслы шөллениўге қарсы әмелий жәрдем бериў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың нәл жетистириў, пал жетистириў, «Smart Farm» яғный «Ақыллы фермерлик» ҳәм ҳәр қыйлы аўыл хожалығы тараўларында саўатлылығын арттырыўға байланыслы оқыўларды шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Денсаўлықты сақлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, илим, билимлендириў тараўлары ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарлардағы бирге ислесиўди буннан былай да жаңа басқышқа көтериў, «Халықаралық аўыл ҳаяллары күни»не байланыслы илажларды биргеликте өткериў, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда тәбятты қәстерлеп-сақлап, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бойынша биргеликтеги илажларды шөлкемлестириўге әҳмийет берилди.

Н.Усманова,

ӨзАның хабаршысы