Куала-Лумпур көшелеринде Өзбекстан туризм потенциалына бағышланған видео көринислер көрсетилмекте

Малайзия пайтахты Куала-Лумпур мәмлекеттиң әҳмийетли экономикалық, саўда-қаржы ҳәм сиясий орайы.
Негизинде Малайзияда түрли миллет ўәкиллери жасағаны себепли, мәденияты – түрли халықлардың түрлише мәдениятлары менен байланысады.
Өзбекстан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети баспасөз хызметиниң мағлыўматларына бола, Куала-Лумпур қаласының орайлық көшелеринде Туризм комитети тәрепинен 36 үлкен ЛЕД экранда Өзбекстан туризм потенциалына бағышланған видеокөринислер көрсетиў жолға қойылды.
Малайзия ҳадал туризм стандарлары бойынша дүньяның жетекши мәмлекетлеринен бири есапланатуғынын мағлыўмат орнында атап өтиў зәрүр. Ҳүкимет туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен усыныс етилген хызметлерди ҳадал сертификатлаў бойынша тәртипти енгизген. Бухара, Самарқанд, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласының туризм бағдарлары, соның ишинде, «зыярат туризми», «Умра+», «мәдений туризм», «гастротуризм», «қысқы туризм» сыяқлы турпакетлер малайзиялылар арасында кеңнен үгит-нәсиятланады.
Муҳайё Тошқороева, ӨзА